Журтласларымыз 21-Истанбул гастрономиялық фестивалында жеңимпазлықты қолға киргизди

    Туризм 24 желтоқсан 2024 216

    Усы жылдың 18-21-декабрь күнлери Стамбул қаласында Өзбекстан аспазлар аўқамының ўәкиллери қатнасқан 21-Халықаралық гастрономиялық аспазлық фестивалы болып өтти.

    Өзбекстан аспазлары делегациясы «Istanbul Gastronomy Festival 2024» де жоқары нәтийжелерди көрсетип, индивидуал номинациялар бойынша Гран-при ҳәм бир қатар сыйлықларды қолға киргизди.

    Нәтийжелер:

    - Гран-при (1 орын, алтын) - Назира Алиматова, Махфуза Раҳимова

    - Гран-при (бронза, жас өспиримлер) - Назокат Жўраева, Озодбек Суннатов, Аюбхон Авазов

    Жеке сыйлықлар:

    - Назира Алиматова - алтын, паста

    - Маҳфуза Раҳимова - алтын, модерн кузин

    - Назокат Жўраева - алтын, модерн кузин

    - Озодбек Суннатов - алтын, қой гөши

    Аюбхон Авазов - гүмис, мал гөши

    Фестивалда дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен келген аспазлар, сондай-ақ, дүньяның ҳәр қыйлы ноқатларынан дүнья көлеминдеги төрешилер қатнасты, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.

    Мағлыўмат ушын: Өзбекстан аспазлар аўқамы 2010-жылдан берли жәҳән асханасының аспазлық стандартларын сақлап қалыў ҳәм жақсылаўға қаратылған профессионаллардың шөлкеми болған Дүнья жүзи аспазлар жәмийети аўқамының рәсмий ағзасы болып есапланады.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates