Өзбекстан аспазлары делегациясы «Istanbul Gastronomy Festival 2024» де жоқары нәтийжелерди көрсетип, индивидуал номинациялар бойынша Гран-при ҳәм бир қатар сыйлықларды қолға киргизди.

Нәтийжелер:

- Гран-при (1 орын, алтын) - Назира Алиматова, Махфуза Раҳимова

- Гран-при (бронза, жас өспиримлер) - Назокат Жўраева, Озодбек Суннатов, Аюбхон Авазов

Жеке сыйлықлар:

- Назира Алиматова - алтын, паста

- Маҳфуза Раҳимова - алтын, модерн кузин

- Назокат Жўраева - алтын, модерн кузин

- Озодбек Суннатов - алтын, қой гөши

Аюбхон Авазов - гүмис, мал гөши

Фестивалда дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен келген аспазлар, сондай-ақ, дүньяның ҳәр қыйлы ноқатларынан дүнья көлеминдеги төрешилер қатнасты, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.

Мағлыўмат ушын: Өзбекстан аспазлар аўқамы 2010-жылдан берли жәҳән асханасының аспазлық стандартларын сақлап қалыў ҳәм жақсылаўға қаратылған профессионаллардың шөлкеми болған Дүнья жүзи аспазлар жәмийети аўқамының рәсмий ағзасы болып есапланады.