Атап өтилиўинше, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәр бир мәмлекет алдындағы нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Айырым жынаят ислери бойынша тергеў ҳәм процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыў басқа мәмлекеттиң ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге ислесиў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте. Ратификациялаў усыныс етилип атырған бул шәртнама да усы мақсетке қаратылған.
Шәртнамада жынайый бақлаў, жынаят исин тергеў етиў, исти судта көриў, шахсты жуўапкершиликке тартыў, сондай-ақ, жынайый дәраматлар ҳәм жынаят қуралларын анықлаў, алып қойыў, қатлаў, жынайый қылмыс ақыбетинде жеткерилген материаллық зыянның орнын қаплаў сыяқлы процессуал ҳәрекетлер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў белгиленбекте.
Сондай-ақ, усы Шәртнама экстрадициялаў мақсетинде шахсты услап тураў яки қамаққа алыў, еркинен айырылған щахсты жазаны өтеў ушын өткериў, жынаят иси жүргизиўин өткериў, бир тәреп шығарған суд ҳүкимин басқа тәреп тәрепинен орынлаў мәселелерине енгизилмейди.
Бул Шәртнаманың қол қойылыўы еки мәмлекет ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымлары тәрепинен жынаят ислерин тергеў ҳәм судта көриў даўамында өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиўдиң тийкарларын белгилеўге, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде бирлик ҳәм бирге ислесиўди арттырыўға, бул арқалы ҳәр еки мәмлекетте әдил судлаўды тәмийинлеўге хызмет етеди, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.