Нызамда белгиленген пенсиялар, напақалар ҳәм басқа түрдеги социаллық жәрдемниң муғдарлары рәсмий белгиленген ең аз тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емес.
Бүгин, 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни пүткил дүньяда болғаны сыяқлы мәмлекетимизде де белгиленбекте. Бул сәне майыплығы болған шахслардың мәплери, хуқықларының қорғаўын тәмийинлеўди күшейтиўге хызмет етеди.
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық қорғаў сиясатынан гөзленген мақсет де усы. Жаңаланған Бас Нызамның тийкарында социаллық мәмлекет тийкарлары және де беккемленди.
Майыплығы болған шасхлардың хуқықларын тәмийинлеў, бәринен бурын, оларды жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасыўына шараят жаратыўдан басланады. Ҳәр қандай жағдайда да оларды кемситпеў зәрүр.
БМШтың «Майыплар хуқықлары ҳаққында»ғы конвенциясы (Нью-Йорк, 2006-жыл 13-декабрь)де де майыплар мәплерин қорғаў нәзерде тутылған. 2021-жылы Өзбекстан усы конвенцияны ратификация еткен.
Мийнет кодексинде де халықтың социаллық мүтәж категориялары белгиленген. Мәмлекет халқының социаллық мүтәж категорияларын жумысқа жайластырыў бойынша қосымша жумыс орынларын, қәнигелестирилген, соның ишинде, майыплығы болған шахслар мийнет етиўи ушын шөлкемлерди дүзиў, арнаўлы қайта таярлаў ҳәм маманлық арттырыў бағдарламаларын шөлкемлестириў, жумыс орынларының ең аз санын белгилеў сыяқлы қосымша кепилликлерин тәмийинлейди.
Мийнет кодексинде мийнет еркинлиги ҳәм мәжбүрий мийнет түсиниги халықаралық нормалар ҳәм усынысларға сәйкес түрде толық сәўлеленген. Әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж, көп болалы ямаса майып балалары болған ата-аналарға, майыплығы болған шахсларға, питкериўшилер, әскерий хызметтен босатылғанлар, жазадан азат етилгенлер, адам саўдасынан жәбир көргенлерге жумысқа жайласыўда қосымша кепилликлер белгиленген.
2024-жыл 19-октябрьде күшке кирген «Социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиў системасы жетистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар менен өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен халықтың социаллық қорғаў және де күшейтилди.
Социаллық бағдарламаларды қаржыландырыў қәрежетлери жалпы ишки өнимге салыстырғанда 2 есеге артып, кем тәмийинленген напақа алыўшы шаңарақлардың қамтып алыныўы 5 есеге көбейгенин атап өтиў зәрүр.
Майыплығы болған шахслар ҳәм майыплығы болған балалардың тәрбиясы менен бәнт болғанлар ушын жаңа напақа түрлери енгизилди.
Нызамшылықта өзгелердиң тәрбиясына мүтәж болған жалғыз жасайтуғын ҳәм жалғыз кексе ҳәм майыплығы болған шахслардың социаллық қорғаўын күшейтиў менен байланыслы нормалар да киргизилди.
Нызам халықтың социаллық қорғаўын күшейтиў, қорғаў механизмлерин және де жетилистириўге тийкар жаратты.
Сонлықтан, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлери кеңейтилди. Жәмийетте халыққа социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўде машқала ҳәм тосқынлықларды сапластырыўға маўасасызлық мүнәсибети қәлиплеспекте.
Норгуль Абдураимова, ӨзА.