Елимиз мақтанышы Нодирбек Абдусатторов London Chess Classic турниринде избе-из 6 партияда жеңиске еристи. Ол исенимли түрде алда барып, ең жақын қарсыласларынан 2 очкоға алдында болды ҳәм турнир даўамында жарқын, исенимли ойын көрсетти.
Ҳиндстанда болып өткен шахмат бойынша FIDE жәҳән кубогиниң жеңимпазы, жерлесимиз Жавоҳир Синдоров Ташкентке қайтып келди.
Россияның жетекши ғалаба хабар қураллары - «РИА Новости», «Russia Today», «РБК» ҳәм баспа басылымлары «Московский комсомолец», «Ведомости», «Российская газета», «Комсомольская правда», «Независимая газета», «Известия», сондай-ақ, «Forbes.Ru» тармақлық басылымы өзбекстанлы шахматшының жәҳән кубогындағы жеңисин кеңнен сәўлелендирип келмекте.