Германия пайтахты Берлин қаласының орайында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, елимиздиң Германиядағы елшиханасының жәрдеминде ҳәм германиялы исбилерменлердиң басламасы менен Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлер көрсетилген биринши саўда үйи ҳәм «UZ Trade House Germany» көргизбе залының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
2025-жыл 20-ноябрь күни Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Сардор Ражабов Берлинде Германия Федерал изертлеўлер, технологиялар ҳәм космос министрлигиниң Халықаралық бирге ислесиў департаменти директоры (министр орынбасары) Маттиас Оел менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов 5-ноябрь күни Германия раўажланыў банкиниң Шығыс Европа, Кавказ ҳәм Орайлық Азия департаменти директоры Вероника Гарсиа Дель Арко ҳәм Ташкент қаласындағы KfW Орайлық Азия бойынша регионаллық офиси директоры Петар Георгиев пенен ушырасыў өткерди.
20-октябрь күни пайтахтымыздағы Әбиў Әлий ибн Сина атындағы 1-Республикалық жәмийетлик денсаўлықты сақлаў техникумында Германия медицина академиясының ашылыўы болып өтти.
Германияның «Stiftung Bildung & Handwerk» (SBH) билимлендириў орайының жойбары шеңберинде 50 адамнан ибарат Өзбекстан пуқараларының гезектеги топары Германияға мийнет етиў ушын келди.
2025-жыл 8-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде Германия Федеративлик Республикасы менен финанслық-техникалық бирге ислесиў мәселелери бойынша ҳүкиметлераралық мәсләҳәтлесиўлер болып өтти.
29-сентябрь күни Германияға сапары шеңберинде Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң басшысы Лазиз Қудратов бизнес-форумларда қатнасып, альянсқа ағза мәмлекетлердиң жетекши компаниялары ҳәм финанс институтларының рәсмий ўәкиллери ҳәм басшылары менен бир қатар ушырасыўлар өткерди.
2025-жыл 23-сентябрьде Uzbekistan Airports Германияның абырайлы институты - Helaba Bank пенен тиккелей сырт ел қаржыландырыўы бойынша келисимге қол қойды.
Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 18-сентябрь күни Германия Федеративлик Республикасы сыртқы ислер министри Йоханн Вадефул менен телефон арқалы сөйлести.
2025-жылға шекем Наўайы ўәлаятындағы 10 гектар жерде интенсив бағ жаратылыўы ҳәм суўғарыў системасының жолға қойылыўы режелестирилген.