Буның ушын бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы my.gov.uz арқалы арза жоллап, төлемди әмелге асырыў талап етиледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-ноябрьдеги «Балалардың дем алысын системалы шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў жумысларын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27-февралдағы 84-санлы «Балалардың дем алысын шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў жумысларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында, мектеп оқыўшыларының дем алысы (жазғы, гүзги, қысқы ҳәм бәҳәрги) дәўиринде шөлкемлестирилиў илажлары белгиленген.