Жүриў, жуўырыў ҳәм дурыс аўқатланыў инсанды физикалық ҳәм руўхый саламат етеди, өмирин узайтады

    Пикир 20 желтоқсан 2024 17

    Инсан саламатлығы онда тек ғана кеселлик ямаса физикалық нуқсанлардың жоқлығы менен емес, ал физикалық ҳәм руўхый тынышлығы, денсаўлығын жақсылаў ҳәм қорғаўға қаратылған илажлар менен де өлшенеди.

    Мәмлекетимизде халықтың саламатлығын қорғаў, саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Статистика агентлигиниң мағлыўматларына қарағанда, 2023-жылы мәмлекетимизде турақлы халықтың орташа өмир көриў даўамлылығы 74,7 жасты қурады. Бул көрсеткиш 2022-жылы 73,8 жас болғанлығы алып барылып атырған илажлардың нәтийжесинен дәрек береди.

    Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың 21-май күни Денсаўлықты сақлаў жойбарлары орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жаңа усыныслардың презентациясы менен танысып, жәмийетте саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў арқалы кеселликлердиң алдын алыў, адамларда өз саламатлығына жуўапкершилик сезимин күшейтиў бәрқулла әҳмийетли екенлигин атап өтти. Ҳақыйқатында да, саламат турмыс тәризи саламатлықтың тийкарғы факторы болып есапланады.

    Биз ўатанласларымыздың темаға байланыслы пикир-усыныслары менен қызықсындық.

    Ең қолайлы шынығыў - жүриў

    Әтирапқа нәзер салсақ, 90 жасқа шыққанында да турмыслық актив күш-қуўатқа толы адамларды ушыратамыз. Нәтийжели узақ өмир көриўдиң сыры неде деп ойлаймыз? Олардың турмыс тәризин үйренгенимизде узақ ҳәм саламат турмыс кешириўдиң сыры системалы физикалық шынығыўлар ҳәм белсенди турмыс тәризи жолдасы екенине гүўа болдық. Бул қайсы жаста болыўына қарамастан, дене тәрбиясы менен шуғылланыў зәрүрлигин көрсетеди. Қан айланыўы, орган ҳәм тоқымаларда метаболизм жақсыланыўының сыры да сонда. Инсанның турмыс тәризи ҳәм саламатлық муғдарына қарап физикалық жүклемелер индивидуал таңланады. Физикалық жағдайды сақлаў, дене тәрбиясы менен шуғылланыў, күнделикли емлеў дене тәрбиясы, саламатлық топарларына қатнаў, пияда жүриў усыныс етиледи.

    Не ушин физикалық шынығыўларды орынлаў керек? Ең әҳмийетли себеп - турмыс сапасын арттырыў. Дене тәрбиясы стресслерди сапластырып, организмниң жағдайын жақсылайды, өмир даўамлылығын узайтады. Дене салмағын қадағалаўдың аңсат ең пайдалы усылы да дене тәрбиясы менен шуғылланыў болып табылады. Әсиресе, бул 50 жастан кейин жүдә үлкен әҳмийетке ийе.

    Соңғы жыллардағы изертлеўлердиң нәтийжесине бола, физикалық шынығыўлар артериал қан басымын төменлетиўге де хызмет етеди. Қанда қант муғдарын кемейтеди. Бул диабетке дуўшар болған наўқаслар ушын жүдә әҳмийетли.

    Организм қурамалы дүзилген. Бир неше триллион клеткадан ибарат. Оларды ерте таңнан кислород пенен тойындырыў керек. Соның ушын, азанғы дене тәрбиясы оғада әҳмийетли. Бул арқалы клеткалардың кислород пенен тәмийинлениўи артады. Егер адам азанда дене шынығыўларын ислемесе, көз нуры төменлей баслайды, бас аўырыўы, ҳәлсизлик бақланыўы мүмкин. Организм толық кислород пенен тәмийинленген болса, инсанды жақсы кейпият тәрк етпейди.

    Жүриў - ең қолайлы шынығыў. Барлық жастағылар ушын пайдалы, арнаўлы таярлық ямаса әсбап-үскене талап етпейди. Бир күнде 30-40 минут тезлик пенен жүриў усыныс етиледи. Узақ мүддетли сейиллерде жүриў интенсивлиги шаршатпайтуғын болыўы ҳәм жүриў тезлиги саатына орташа 4-4,5 километрден көп болмаўы керек.

    Ҳәмме нәрселерде норма кереклигин умытпайық. Барлық спорт шынығыўларын киши аралықлардан баслаў керек. Жүриў тезлигин бирден арттырыў мақсетке муўапық емес, бирақ аралық ҳәм тезликти әсте-ақырын арттырып барыў даўамында 1 саат ишинде 4-5 километр жол басып өтиў мақсетке муўапық.

    Узақ жасаў ҳәм "сапалы кекселик" көбинесе нәсилге байланыслы, бирақ 55 процент жағдайда буны инсанның турмыс тәризи белгилейди. Соның ушын биз өмиримиз даўамында денсаўлығымызға қаншелли жуўапкершиликли қатнаста болсақ, өмир сапасы ҳәм жыллар нәтийжелилиги сонша жоқары болады.

    Шуҳрат ЭРГАШЕВ,

    Өзбекстан валеологлар ассоциациясының баслығы,

    медицина илимлериниң докторы, профессор

    Инсан саламатлығы турмыс тәризине байланыслы

    Саламат турмыс тәризи тийкары есапланған дурыс аўқатланыў инсанның саламатлығы, узақ жасаўы, нәтийжели мийнет етиўи ушын тийкарғы фактор болып есапланады. Аўқатланыў рационал, муўапықласқан, ҳәр бир инсанның жасы, жынысы, кәсиплик жумысы, әсиресе, денсаўлығының жағдайына сәйкес болыўы керек.

    Дурыс аўқатланыў шаңарақларда медициналық мәденият дәрежесине көтерилиўи зәрүр. Тәртипли ҳәм дурыс аўқатланыў инсанның медициналық мәденияты, өз саламатлығына болған жуўапкершилигин билдиреди. Ҳәр қыйлы кеселликлерден аўлақ болыў, мийнетке жарамлы болыў ҳәм ең тийкарғысы, шаңарақ дәраматын дәри-дәрмаққа емес, ҳәр қыйлы мәдений илажлар, саяхатлар, шаңарақтағы тынышлық ҳәм руўхый өсиўимизди тәмийинлейтуғын басқа да нәрселерге жумсаўымыз мүмкин. Егер биз физикалық жақтан актив болмасак, надурыс аўқатлансақ, зыянлы әдетлерге берилсек, мийнет қәбилетимиз кескин төменлеп кетеди ҳәм тапқан пулымыз көбирек дәри-дәрмаққа жумсалады.

    Саламат ҳәм дурыс аўқатланыў үлкен жастағылар ушын жүдә әҳмийетли. Жаслар ушын кеминде 3 мәрте аўқатланыў жетерли болыўы мүмкин. Себеби көпшилик жағдайларда оларда ҳәрекетшеңлик ҳәм активлик себепли ас сиңириў процесинде машқала болмайды. Бирақ, үлкен жастағыларда зат алмасыўы, организмниң фермент ислеп шығарыў ҳәм ас сиңириў процеси бирқанша әсте болғанлығы себепли дурыс аўқатланыў принциплерине қатаң әмел етиў шәрт. Үлкен жастағы адамлар күнине бес-алты рет, яғный киши порциялардан тез-тез аўқатланыўы мақсетке муўапық. Аңсат сиңетуғын азықлық затлар, витаминлер, минералларға бай өнимлер менен аўқатланыў күш береди.

    Қатты қуўырылған майлы гөшти пуўда демлеп писирилген ямаса қайнатылған майсыз гөш өнимлери менен алмастырыў зәрүр, ҳәр күни мийўе-овошлар, дәнли өсимликлер, жармалардан пайдаланыў әдетке айланыўы керек. Рационда сүт өнимлериниң болыўы барған сайын кемейип баратырған кальций муғдарын толтырады. Кешки аўқатты уйқылаўдан еки саат бурын тоқтатыў керек. Азанғы ҳалқас аўқат калориясына қарап күн даўамында қабыл ететуғын аўқаттың 30 процентин қураўы керек. Екинши ҳалқас 10 процент, түслик аўқат 40 процент, кешки аўқат тек ғана 20 процентти қураўы мақсетке муўапық. Кештеги аўқат жүдә жеңил, май ҳәм углеводлардан жырақ болса, ас сиңириў аңсат өтеди.

    Тийкарғы аўқатлар арасында "талма шай" болыўы, бул ўақытта тийкарынан мийўе ҳәм палыз өнимлери, олардан таярланған салатлар пайдаланыў усыныс етиледи. Ең тийкарғысы, күн даўамында жетерли муғдарда суйықлық ишиў қан қойыўланыўының ҳәм ҳәр қыйлы кеселликлерге бейимлиликтиң алдын алады, тек бунда суйықлықлардың ҳәр бир жумсалыўы 100-150 миллилитрден аспаўы керек. Суйықлықлар тек ғана ашшы шай емес, ал жыллы таза суў, мийўе-овош қақларынан таярланған компот ҳәм демлемелер болыўы мүмкин. Қурамында май, углевод көп болған өнимлер, атап айтқанда, газленген, мазалы өнимлерди шеклеў зәрүр.

    Үлкен жастағылар ҳәр түрли спорт дөгереклерине бара алмай ямаса жоқары тезликтеги физикалық шынығыўларды орынлай алмай қалыўы мүмкин. Бирақ бул олар ҳәрекетсиз қалыўы керек деген сөз емес. Олар үй жумысларында жәрдем бериўи, жеңил ҳәрекетлер етиўи мүмкин. Шаңарақ ағзалары, перзентлери ҳеш қашан олардың жәрдеминен бас тартпаўы, тосқынлық етпеўи керек. Жүдә аўыр болмаған ҳәм шаңарақ ағзалары менен биргеликте орынланған мийнет олардың руўхый-физикалық саламатлығына үлес қосыў менен бирге, шаңарақтағы татыўлықты тәмийинлейди. Сол арқалы оларда қан айланыў жақсыланады, күш артады, кейпият көтериледи.

    Бул ҳәрекетлер болса бүгинги күнде Өзбекстанда ерте өлим көрсеткиши себеплериниң 78 процентин қурайтуғын жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы ҳәм оларға қарсы гүресиў мәселелериниң қаншелли әҳмийетли екенлигин билдиреди. Яғный, биз саламат турмыс тәризине ерисиў арқалы үлкен жастағы халық арасында қантлы диабет, семизлик, онкологиялық кеселликлер, жоқары қан басымы ҳәм оның ақыбетлери себепли келип шығатуғын инфаркт, инсульттың алдын алған боламыз. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми саламатлықты белгилейтуғын факторларды төмендегише классификациялайды: инсан саламатлығының 10-15 проценти экология, 10-15 проценти генетика, 10-12 проценти медицина системасы дәрежеси, қалған 55-60 проценти болса турмыс тәризине байланыслы. Буннан көринип турғанындай, биз егер турмыс тәризин қанша дурыс жүргизе алсақ - дурыс аўқатлансақ, физикалық белсенди, зыянлы әдетлерден жырақ, гигиена қағыйдаларына әмел ете алсақ, күн тәртибимизди дурыс шөлкемлестире алсақ, сонша денсаўлығымызды сақлаған боламыз. Денсаўлығымыз өз қолымызда екенин терең аңлаған ҳалда, саламат турмыс тәризи ҳәр биримиз ҳәм бәршемиздиң таңлаўымыз болыўы керек.

    Барно ОДИЛОВА,

    Денсаўлықты сақлаў министрлиги басқарма баслығының орынбасары

    Велоспорт арқалы денсаўлығы тикленгенлер көп

    Велосипед миниў тек ғана ҳәўес еди. Әсте-ақырын сүйикли жумысымызға айланды. Есимде, бир сапары бизде веломарафон шөлкемлестириў басламасы оянды. Мәҳәллемиздеги 20 ға шамалас велосипедши менен бир топар дүздик. Байрам кейпиятында безелген велосипедлерде ўатанымыз байрағын желбиретип Қўштепадан Қоқандқа жол алдық. Арқаға және сонша жолды басып өтиў бизлерди руўхландырды. Соннан кейин велоспорт пенен шуғылланыўды даўам еттирдик. Қатарымыз кеңейип барды. Жолларда автомобиль ҳәрекетине кесент бермеў ушын топарларға бөлинип, шуғылланып басладық. Бир топарда 15-17 велосипедши ҳәптесине 150 километрге шекем жол жүремиз.

    Ким топарға ағза болатуғын болса, шыпакер тексериўинен өтип келиўин айтаман. Денсаўлығынан арзы болмаса, ҳеш қандай дизимде турмаса, медициналық тексериўден өтип келгенде ғана команда ағзалығына қабыл етемиз. Ең үлкени 82 жаста, мен 77 жаста. Қалғанлары да теңлеслер. Велосипед миниў бизге ҳеш қандай аўырлық етпейди. Керисинше, узақ өмир көриў ушын пайдалы жумыс. Оның менен турақлы шуғылланыў тек ғана пайда келтиреди.

    Велоспорт пенен шуғылланыўды баслағанымда 97 килограмм тас басқан едим. Ҳәзир салмағым 77-78 килограмм. Топарамыздағы көпшилик маған уқсап салмақ таслады. Велоспорт орташа шынығыўлар қатарына киреди. Сол себепли, салмақ таслаў аңсат ҳәм жеңил. Спорт иштейди, уйқыны жақсылайды, беккем, тетик етеди. Бурын орнымнан турып, қайтадан отырыўым қыйын еди. Ҳәзир 15 сотих бағыма өзим қарайман. Тереклердиң астын кесемен, жүзимлерди қырқаман, артықша шақаларды кесемен. Бағдың жанында қосымша қыйтақ жеримиз де бар. Оған помидор, қыяр, картошка, гешир сыяқлы мәўсимлик овош ҳәм көк шөплер егемиз. Оларға да өзим қарайман.

    Арамызда бурын деми қысатуғын, жүреги тынышсызланатуғынлар бар еди. Ҳәзир олардың жағдайы унамлы тәрепке өзгерген. Велоспорт барлық системалардың жумысын жақсылайды, ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын алады. Шыпакерлердиң айтыўынша, бул спорт түри шыдамлылықты ҳәм өкпе жумысын арттырады. Жас өтиўи менен бақланатуғын көз кеселликлерине ушырасыў қәўпин азайтады. Қалаберсе, жасыл тәбиятқа, ҳаўаның тазалығына зыян жеткермейди.

    Веломарафондан кейин үйге келсем, кейпиятым көтериледи. Өткен дәўирде марафон арқалы Қарақалпақстан, Самарқанд, Бухара, Қырғызстанның Ош, Новқат, Жалалабад ҳәм басқа да қалаларына бардық. Узақ жол аўыр емес, шаршап қалмаймыз. Келешекте Қашқадәрья, Сурхандәрьяға орташа марафон шөлкемлестириў, соның менен бирге, теберик зыярат орынларын зыярат етиў режемиз бар.

    Каримжон ҲАКИМОВ,

    пенсионер

    Дәриханаға жуўырыўдың орнына аралыққа жуўырың

    Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институтының дене тәрбиясы факультетинде 42 жыл спорт тренер болып иследим. Ҳәзир Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Ферғана филиалында жеңил атлетика бойынша тренермен. Тийкарғы шынығыўым узақ аралыққа жуўырыў. АҚШта бул спорт түри бойынша өткерилген марафонда үш мәрте қатнасып, жоқары орынларды ийеледим. Түркия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Грузия, Польша, Румыния сыяқлы 20 дан аслам мәмлекетте болып өткен жарысларда табыслы қатнастым. Усы жылдың май айында Әзербайжан пайтахты Баку қаласында шөлкемлестирилген, Ҳайдар Алиевтиң естелигине бағышланған марафонда да жеңимпаз болдым.

    Ташкент, Ферғана, Самарқанд ҳәм басқа да қалаларымызда өткерилген беллесиўлерде белсене қатнасып келмектемен. 10-20 километр аралыққа жуўыраман. Устазым Ҳамроқул Рафиев 85 жаста. Ол мениң менен бирге жуўырыў марафонларында қатнасады. Ҳиндстанлы достым Фужи Сингҳ ҳәзир 100 жаста. Ол соңғы жыллары 7 мәрте узаққа жуўырыў марафонында қатнасқаны мени руўхландырады.

    Жуўырыў инсан саламатлығында үлкен әҳмийетке ийе. Семизлик, қантлы диабет, қан тамырлардағы тромблардың алдын алады. Дәриханаға жуўырмай, аралыққа жуўырыў керек. Сонда денсаўлығыңыздан арзыңыз болмайды. Мен 71 жастаман. Бирақ, өзимди ең көби менен 40-50 жастағыдай сеземен. Күнди дене тәрбиясы менен баслайман. Кейин велосипедте Қоқанд мәмлекетлик тоғай хожалығына қарай 30 километр жүремен. Велосипедти сол жерде қалдырып, 10 км аралыққа жуўыраман. Бул әдетке айланған. Спорт маған сергеклик, саламатлық, жақсы кейпият бағышлайды. Дәри-дәрмаққа исим түспейди.

    Бүгин маған ҳәўес етип, спорт пенен шуғылланыўшылардың қатары кеңейип бармақта. Шәкиртлер тәрбиялап атырман. Олар абырайлы жарысларда табыслы қатнасып атыр.

    Жуўырғанда инсан ағзалары бирдей ислейди. Тамырларда қан жуўырады. Бул спорт түринде артықша қурал талап етилмейди. Жеңил спорт кийиминде автомобиллерден жырақ жерде жуўырып кете берсе болады. Мен барлық ўатанласларыма спорт пенен, әсиресе, жуўырыў менен шуғылланыўды усыныс еткен болар едим. Жуўырың, өмириңиз узақ болады!

    Илёсжон НИЁЗОВ,

    спорт тренери

    Бетти “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    Рисолат МАДИЕВА таярлады.