Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми октябрь айын сүт бези рак кеселлигине қарсы гүресиў айы деп жәриялады. Быйылғы жылы Өзбекстанда "Ерте анықла - өмириңди сақлап қал" сүрени астында өткерилмекте.
Стратегиялық реформалар агентлиги тәрепинен министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар менен биргеликте түнги экономиканы раўажландырыў илажларын енгизиўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбары таярланды.