Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ең әзиз улыўма миллий байрамымыз - Ўатанымыз ғәрезсизлиги жәрияланғанының 34 жыллығын белгилеў алдынан мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған гуманистлик сиясаттың әмелий тастыйығы сыпатында "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында"ғы Пәрманға қол қойды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған адамгершилик сиясатының әмелий тастыйығы сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын жүректен пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Өзбекстан Республикасы Президенти «Исбилерменлер ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына қол қойды.