Ҳүкимет қарары (468-санлы, 28.07.2025-ж.) менен "Ин-витро" шараятында көбейтилген тамырлы мийўе ҳәм жүзим нәллерин сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
2025-жылға шекем Наўайы ўәлаятындағы 10 гектар жерде интенсив бағ жаратылыўы ҳәм суўғарыў системасының жолға қойылыўы режелестирилген.
Президентимиздиң басламасы менен мәҳәллелерде қыйтақ жерлерден пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды буннан былай да жеделлестириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар шеңберинде, мәҳәллелердеги қыйтақ жерлерден пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў, мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша орнатылған жаңа система тийкарында Қанлыкөл районында да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.