Өткен ҳәптеде, яғный 27-октябрьден 2-ноябрьге шекем болған дәўирде "Өзбекстан Республикалық товар-шийки зат биржасы" АЖның барлық саўда платформаларында 38 мың 27 келисим дүзилген болып, бул алдынғы ҳәптедегиге салыстырғанда 6,0 процентке аз. Соннан 39,8 проценти биржа саўдаларына, қалған 60,2 проценти электрон коммерция бойынша саўда системаларына туўра келген.
Өткен ҳәптеде, яғный 6-12-октябрь күнлери аралығында "Өзбекстан Республикалық товар-шийки зат биржасы" АЖның барлық саўда платформаларында 39 558 келисим дүзилген болып, бул көрсеткиш алдынғы ҳәптедегиге салыстырғанда 30,6 процентке артқан. Соннан 47,6 проценти биржа саўдаларына, қалған 52,4 проценти электрон коммерция бойынша саўда системаларына туўра келген.
Дизимге хлорид ҳәм нитрат кислоталары; натрий цианид; натрий гипохлорит; суйық азот, суйық хлор; цинк белиласы; ферромолибден, базальт, фосфорит ҳәм доломит ҳәм оның өнимлери киргизилди.
"Пахта шийки затын жетистириў ҳәм сатыўда базар механизмлерин қолланыўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-7-санлы, 17.01.2025-ж.) қабыл етилди.