Ҳәзирги ўақытта Муҳаммад “Aisha AI” ҳәм “Iqro AI” жойбарлары үстинде ислемекте. Бул жойбарлар күтилгениндей нәтийже берсе, Өзбекстандағы ең ири жасалма интеллект системасына айланады.
Шет тиллер бойынша жоқары нәтийжеге ерискен жасларға 80 млрд 42 млн сум компенсация пуллары қаплап берилди, деп жазады Жаслар ислери агентлиги мәлимлеме хызмети.
Жумыс бериўшилерге Жавоҳирдың өз жумысына көзқарасы унайтуғыны себепли оған пайдаланыўы ушын ең заманагөй технология қуралларын да алып берген.
Муғаллим кластағы үш төмен оқыйтуғын оқыўшыны сабақтан кейин алып қалып, темаларды өзлестириўи ушын айрықша қунт пенен шуғылланды. Нәтийже көп күтип турмады. Кластың улыўма өзлестириў көрсеткиши артты. Муғаллим усындай етпегенинде ол оқыўшылар мектепти питкергенге шекем қалақлар қатарынан шыға алмай, келешекте жәмийетте өз орнын табыўға қыйналатуғын еди.
Қанлыкөл районы Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан “Жаслар сейил орайы” ның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Ашылыў салтанатында район ҳәкими Б.Султанов, сектор басшылары, тийисли тараў ўәкиллери, район жаслары, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар қатнасып, дәстүрий ленталар кесилди.