Алдын хабар бергенимиздей, усы күнлерде Қарақалпақстанда болып турған Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев районларда суў хожалығы тараўында, сондай-ақ, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныспақта,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.
Ҳәммемизге белгили, регионымызда барған сайын күшейип атырған суўдың жетиспеўшилиги себепли Әмиўдәрьядан Арал теңизиниң қубла аймақларына жетип баратуғын суўдың муғдары жылдан-жылға азайып бармақта. Бул нәрсе суў ресурсларынан үнемли пайдаланыўды, суўдың ысырапкершилигиниң алдын алыўға қаратылған кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли илажларды әмелге асырыўды талап етпекте.