Сенат 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамды мақуллады

    18 желтоқсан 2024 251

    Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 308,5 триллион сумды, қәрежетлери болса 344,8 триллион сумды қурамақта.

    Сенаттың екинши жалпы мәжилисинде "2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

    Атап өтилгениндей, 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам халықтың абаданлығын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық тараў хызметлериниң сапасын буннан былай да арттырыў, "жасыл экономика"ны раўажландырыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған. Оған бола, 2025-жылы экономикалық шараятларды есапқа алған ҳалда инфляция дәрежеси 7 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.

    Атап айтқанда, Нызамда орта мүддетте консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен арттырмаў ўазыйпасынан келип шығып, 2025-жылы консолидацияласқан бюджет дәраматлары 431,0 триллион сум, қәрежетлер болса 480,5 триллион сум муғдарында қәлиплестирилген.

    Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 308,5 триллион сумды, қәрежетлери болса 344,8 триллион сумды қурамақта. Мәмлекетлик мақсетли қорлардың дәраматлары ҳәм қәрежетлери (бюджетлераралық трансфертлерди есапқа алмастан) сәйкес түрде 66,4 триллион сум ҳәм 62,8 триллион сум муғдарында режелестирилмекте.

    Нызамда кейинги жылда да қәрежетлердиң социаллық бағдарланыўы сақланып қалған болып, Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 52 проценти ямаса 177,7 триллион сум социаллық тараўға бағдарланбақта.

    Сенаторлар Нызамды додалаў процесинде бюджет дәраматларын арттырыўға, бюджет қаржыларын мақсетли жумсалыўға айрықша итибар қаратты ҳәм өз пикирлерин билдирди.

    Нызамда 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет қәрежетлеринде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў илажлары ушын 3,6 триллион сум нәзерде тутылған. Денсаўлықты сақлаў тараўына болса 41,3 триллион сум ямаса 2024-жылғы күтилип атырған орынланыўға салыстырғанда 19,8 процентке артқан ҳалда ажыратыў режелестирилмекте.

    Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары, Министрлер Кабинетиниң қарарларында 2025-жылы аймақлардағы әҳмийетли социаллық машқалаларды шешиў, мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў және мәмлекетлик әҳмийетке ийе илажларды әмелге асырыў бойынша белгиленген илажлар ушын да қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.

    Сенаторлар өз шығып сөйлеўлеринде Нызамда бюджет дәраматлары базасын кеңейтиў, елимизде халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларын ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын жетилистириў, сондай-ақ, тәбиятты қорғаўды хошаметлеў мәселелерине итибар қаратылғанын атап өтти.