Өзбекстан санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Нью-Йорк қаласының мэри Эрик Адамс пенен санлы экономиканы раўажландырыў, аралықтан жумыс пенен тәмийинлеў, мағлыўматлар орайлары, IТ-кадрлар таярлаў ҳәм аутсорсинг бойынша сөйлесиўлер өткерди.
Октябрь айы IT Park Uzbekistan ушын тарийхый ай болды - халықаралық резидентлер ҳәм санлы хызметлерди экспорт етиўшилердиң саны рекорд көрсеткишлерге жетти, бул дүнья бизнесиниң Өзбекстанның санлы экосистемасына исеними артып атырғанынан дәрек береди.
Соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасында мәлимлеме технологиялары тараўына болған итибар кескин артып атырғаны ҳәммеге белгили.