Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәм Саудияның Health Resources Company (HRCO) компаниясы арасында Өзбекстан пуқараларын Саудия Арабстанында орта медицина хызметкери сыпатында нызамлы, қәўипсиз ҳәм ашық-айдын жумысқа жайластырыўды шөлкемлестириўге қаратылған әҳмийетли келисимге қол қойылды.
Абдулазиз Али Ал-Шаҳрий Өзбекстанның Саудия Арабстанындағы туризм бренд елшиси ҳәм тийисли сертификатқа ийе болды.
7-11-ноябрь күнлери Саудия Арабстанының Ар-Рияд қаласында Дүнья жүзилик туризм шөлкеми (UN Tourism) Бас Ассамблеясының 26-сессиясы болып өтпекте.
9-ноябрь күни Өзбекстан делегациясының Саудия Арабстаны Патшалығы Ҳаж ҳәм умра министрлиги ўәкиллери менен ушырасыўы болып өтти.
2025-жыл 27-28-октябрь күнлери Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев басшылығындағы делегация инвестициялық ҳәм санаат бирге ислесиўин раўажландырыўға қаратылған әмелий сапар менен Саудия Арабстаны Патшалығында болды.
Мәденият министри Озодбек Назарбеков басшылығындағы Өзбекстан делегациясының Ар-Риядқа сапары шеңберинде Саудия Арабстаны мәденият министри шахзада Бадр бин Абдулла бин Муҳаммад бин Фархон Ол Сауд пенен ушырасыў өткерилди.
Өзбекстанның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодиржон Турғунов 30-сентябрь күни Саудия Арабстанының мийрасхоры ҳәм Бас министри Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол Саудқа исеним жарлығын тапсырды.
Бир күн алдын Мәденият министрлигинде Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбековтың Саудия Арабстаны Патшалығының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юсуф Солиҳ Алгахрах Аль-Утайбий менен ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов 3-сентябрь күни Саудия Арабстанының жетекши компанияларының " Acwa Power " директорлар кеңеси баслығы Муҳаммад Абунайян басшылығындағы делегациясы менен ушырасыў өткерди.
Саудия Арабстаны Өзбекстан пуқаралары ушын онлайн туристлик виза алыў имканиятын жаўып қойды.