Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Туризм бойынша "Ең жақсы туризм аўыллары" (Best Tourism Villages) жойбарының нәўбеттеги жеңимпазларын жәриялады. Бул глобал жойбар туристлик аўылларға итибарды күшейтиў, киши аўыллардың өзине тән мәденияты, үрп-әдетлери ҳәм тәбийғый гөззаллығын сақлап қалыўға қаратылған. Быйылғы таңлаўға Африка, Америка, Азия ҳәм Европаның 65 мәмлекетинен 270 тен аслам талабан қабыл етилди.
Өзбекстан Трансшегаралық суўлар ҳаққындағы конвенцияны толықтыратуғын Суў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша протоколдың 29-тәрепине айланды. Бул ҳаққында 2025-жыл 5-7-ноябрь күнлери Будапештте болып өткен Протокол тәреплериниң ушырасыўында мәлим етилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Венадағы санаатты раўажландырыў бойынша штаб-квартирасында ЮНИДОға ағза мәмлекетлердиң Европа ҳәм Орайлық Азия регионындағы турақлы ўәкиллериниң арнаўлы мәжилиси болып өтти.
БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш ҳәм Бразилия Президенти Луис Инасиу Лула да Силваның басламасы менен 24-сентябрь күни Нью-Йоркте Климат бойынша саммит болып өтти.
Японияда өткерилип атырған «Tourism EXPO Japan-2025» халықаралық туризм көргизбеси шеңберинде БМШтың Туризм арнаўлы сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти.
"Эл-юрт умиди" қорының атқарыўшы директоры Гулноза Исмаилова БМШтың Халықаралық пуқаралық хызмети комиссиясы (UN ICSC) баслығы Ларби Жакта менен ушырасыў өткерди. Тәреплер комиссияның Қор ҳәм Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги менен бирге ислесиўиниң перспективалы бағдарларын додалады.
Ҳүрметли баслық ханымлар! Ҳүрметли Бас хаткер мырза! Делегациялардың басшылары! Ханымлар ҳәм мырзалар!
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 20-24-сентябрь күнлери Нью-Йорк қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясының илажларында қатнасады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясының илажларында қатнасыў ушын 20-24-сентябрь күнлери әмелий сапар менен Нью-Йорк қаласында болады.
БМШтың Нью-Йорк қаласындағы бас резиденциясында болып өткен "Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёевтиң жолы" китабының презентациясында БМШ басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллери, пуқаралық жәмийети белсендилери, журналистлер сыяқлы жүзге шамалас адам қатнасты.