Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырыў ҳәм белгиленген хызмет мүддетин өтеп болған мүддетли әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлер резервине босатыў ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, шақырыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырыўдан азат етилиў ҳуқықына ийе болмаған Өзбекстан Республикасының шақырыў жасындағы пуқаралары усы жылдың март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылмақта.
Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде азаматлық миннетин өтеп, резервке босатылған 600 ден аслам мүддетли әскерий хызметкерлер салтанатлы түрде үйлерине шығарып салынды.