Сөйлесиўде еки мәмлекет арасында туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, өз-ара туристлер ағымын көбейтиў, республикамыздың бай туристлик потенциалы ҳәм мәдений мийрасын үгит-нәсиятлаў, туристлик компаниялар арасындағы байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Сайид Иброҳим ал-Бусаидий соңғы жыллары еки мәмлекет арасында туризм ҳәм мәденият тараўларындағы байланыслар жедел раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, ол Өзбекстанда туризм тараўында әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде елимизге келетуғын туристлердиң саны жыл сайын артып атырғанын атап өтти.
Буннан тысқары, 2026-жыл 1-июньнен "Масқат - Ташкент" жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылыўы өз-ара туристлер ағымының және де артыўына хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Ол Масқат қаласында мәмлекетимиздиң туризм потенциалына бағышланған «Road Show» ды шөлкемлестириў басламасын толық қоллап-қуўатлады ҳәм оны өткериўде ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.
Сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды және де беккемлеў, халықларымыз арасындағы өз-ара түсинисиў ҳәм жақынлықты арттырыў мақсетинде Өзбекстан ҳәм Оман мәмлекетлеринде фотокөргизбелер өткериў басламасы қоллап-қуўатланды.