Илажда нураныйлар, жаслар ҳәм белсендилер қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы
жыйналғанларды қызғын қутлықлап, ўәлаят халқы менен және ушырасқанынан
қуўанышлы екенин атап өтти.
Атап өтилгениндей, жақын ўақытқа шекем үлкен экономикалық ҳәм
инвестициялық потенциалға ийе Ташкент ўәлаяты өзиниң ҳәкимшилик орайына ийе
болмаған. Қысқа мүддетте Нурафшан қаласы түп-тийкарынан жаңаланып, заманагөй
ҳәкимшилик, социаллық ҳәм мәдений инфраструктура жаратылды.
Қалада "Жаңа
Өзбекстан", "Ватанпарвар" бағлары, пидайы Зулфия Зокироваға
бағышлап қурылған естелик комплекси, бағ ҳәм қыябанлар, жасалма көл, амфитеатр
ҳәм фонтанлар, велосипед ҳәм пиядалар жоллары қурылды.
- Бул жердеги ҳәр
бир кәрхана, ҳәр бир көше ҳәм имарат, майдан ҳәм қыябан - ўәлаяттың машақатлы,
мийнеткеш ҳәм пидайы халқы менен биргеликте әмелге асырылған жумыслардың
нәтийжеси, - деди Президент.
Атап
өтилгениндей, бүгинги күнде Нурафшан қаласы Жаңа Өзбекстанның белгиси болып
есапланады. Қаланың атамасы "нур шашыўшы", "жақтыландырыўшы
нур" деген мәнилерди аңлататуғыны атап өтилди. Демек, бул қала тек ғана
заманагөй көриниси менен емес, ал раўажланыўы, мәденияты, басқарыўы ҳәм инсанға
мүнәсибети менен де жарқын болыўы керек.
Нурафшан
"ақыллы қала" модели тийкарында қурылып атырған биринши қала
сыпатында да тарийхта мөрленген. Бул жерде санлы басқарыў, мәденият объектлери,
интеллектуаллық транспорт, энергия үнемлеўши технологиялар ҳәм экологиялық
инфраструктура бир пүтин система сыпатында енгизилмекте.
Мәмлекетимиз
басшысы Нурафшан қаласын илим, жоқары технологиялар ҳәм жаслар қаласына
айландырыў тийкарғы мақсет екенин атап өтти.
Бул жерде мың орынлық Мәденият сарайы, Көркем өнер академиясының
ўәлаятлық бөлими, Жасалма интеллект орайы, Мәлимлеме-ресурс китапханасы,
Кәсип-өнер орайын өз ишине алған заманагөй Жаслар қалашасы қурылмақта.
Усы күни 35
гектар майданда қурылатуғын "Келешек технологиялары орайы"на тырнақ
тасы қойылды. Бул объект жасалма интеллект ҳәм санластырыў орайына айланып, тек
ғана Ташкент ўәлаятына емес, ал пүткил елимизге хызмет етеди. Онда
илимий-изертлеў орайлары, жоқары технологиялы лабораториялар шөлкемлестириледи.
"Нурафшон
Бизнес Сити" жойбары шеңберинде бир пүтин ансамбль қурамында ҳәкимшилик,
бизнес, билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм турақ жай зоналары
шөлкемлестириледи. Атап айтқанда, 10 гектар майданда қурылатуғын 700 орынлық
көп тармақлы медицина орайында телемедицина ҳәм робототехника арқалы халыққа 60
тан аслам жоқары маманлықтағы ҳәм технологиялық медициналық хызметлер көрсетиледи.
Шығыс базары,
өнерментшилик көшелери, миллий павильонлар, амфитеатр ҳәм заманагөй дем алыў
орынларынан ибарат қурылып атырған ири туристлик-мәдений комплекс те қаланың
"мирәт қағазы"на айланады.
Илажда Ташкент
ўәлаяты мәмлекетимиз экономикасының таяныш ноқатларынан бири екени айрықша атап
өтилди. Республика жалпы ишки өниминиң дерлик 10 проценти ўәлаяттың үлесине
туўра келеди. Кейинги бес жылда ўәлаятқа 16 миллиард доллар сырт ел
инвестициясы тартылған. Бүгинги күнде бул жерде сырт ел капиталының
қатнасыўында 3 мыңға шамалас кәрхана жумыс алып бармақта, экспорт көлеми 3
миллиард долларға шамаласты.
Президентимиз
ўәлаятты Ташкент пенен бирден-бир экономикалық ҳәм транспорт мәканы сыпатында
раўажландырыўға байланыслы жаңа жойбарларға да тоқтап өтти. Ўәлаятты
пайтахтымыз бенен байланыстыратуғын жәмийетлик транспорт жөнелислерин кеңейтиў,
Ташкент ҳәм Нурафшан арасында заманагөй поездлардың қатнаўын жолға қойыў
бойынша қарар қабыл етилди.
- Сизлер, Ташкент
ўәлаятының исбилерменлери, фермерлери, зыялылары, нураныйлары ҳәм күш-ғайратлы
жаслары менен биргеликте бул үлкени және де абат етемиз, оны мәмлекет
экономикасының беккем ҳәм күшли таянышына айландырамыз.
Мен оған қатаң
исенемен ҳәм Президент сыпатында, мәмлекетимиз басшысы сыпатында пүткил
халқымыз сыяқлы Ташкент ўәлаяты мийнеткешлериниң тыныш, абадан ҳәм бахытлы
турмысын тәмийинлеўге бар күш ҳәм имканиятымды жумсайман, - деди мәмлекетимиз
басшысы сөзиниң жуўмағында.
Илаж мәдений
бағдарлама менен даўам етти.
Соннан кейин
Президентимиздиң Нурафшанға сапары жуўмақланды, мәмлекетимиз басшысы Ташкентке
қайтты.