БЕЛТА агентлигиниң “France 24” басылымына сүйенип хабар бериўинше, тийисли мағлыўматлар Европаның “Copernicus” климат мониторинги хызмети тәрепинен усыныс етилген.
Сентябрь айында Жәҳән океаны бетиндеги орташа температура Целсий бойынша 21,05 дәрежени қурады. Бул 2023-жылда дизимге алынған сентябрь айына байланыслы алдынғы рекордтан жоқары. Онда бул көрсеткиш 20,92 дәрежеге жеткен еди.
Метеорологлар рекорд дәрежедеги ысыўдың тийкарғы себеби сыпатында 2026-жылы жоқары интенсивликке ийе болған тәбийғый климат ҳәдийсеси — Эль-Ниньо күшейиўин көрсетпекте.
Синоптиклер бир неше айдан берли усы жылғы Эль-Ниньо бақлаўлар тарийхындағы ең күшли ҳәдийсе болыўы мүмкинлигинен ескертип келмекте.
“Copernicus” баҳалаўына бола, сентябрь айындағы көрсеткишлер еле ўақыяның ең жоқары ноқатына жетпеген болса да, Эль-Ниньо жүдә күшли өтип атырғанын көрсетеди, деп хабар берди “Kazinform”.
Эль-Ниньо Тыныш океанының экваториал бөлиминдеги суў бети температурасының көтерилиўи менен байланыслы болып, дүньяның түрли регионларындағы ҳаўа-райы шараятына тәсир етеди. Бул ҳәдийсе қурғақшылық ҳәм суў тасқынлары қәўпин арттырыўы, сондай-ақ, инсан жумысы нәтийжесинде жүзеге келип атырған глобал ысыў тәсирин күшейтиўи мүмкин.