Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да беккемлеў
мәселелери додаланды, сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, саўда-экономикалық ҳәм
инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм
жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Бахтиёр Саидов
жаңа елшиге дипломатиялық жумысында табыслар тиледи ҳәм Өзбекстан-Швейцария
қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин ҳәр
тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлады.
"Елши
ханымға жуўапкершиликли дипломатиялық жумысында табыслар тилеп, оның
Өзбекстан-Швейцария қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған
ҳәрекетлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынымызды тастыйықладық", -
деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң Telegram-каналында.