Олардың барлығын бақлап, хабардар болып, нәтийжесин таллаў бираз мийнет талап етеди. Президентимиздиң айырым тараўлар бойынша шығарған бир қатар пәрман ҳәм қарарлары және басламасы менен түпкиликли реформалар, жаңаланыўлар әмелге асырылды, нәтийжели механизмлер турмысқа енгизилди. Бул тармақлар, тараўлар менен бирге ўатанласларымыздың мүнәсибети, дүньяқарасын да өзгертип жиберди.
Дүньяға көзқарас өзгермесе, дүнья өзгермейди, дейди. Реформалар да Өзбекстандағы социаллық турмыс ағымын пүткиллей жаңа бағдарға бурып жиберди. Белгили жазыўшы Жорж Бернард Шоу "Өзгериссиз раўажланыў мүмкин емес ҳәм өз пикирин өзгерте алмағанлар ҳеш нәрсени өзгерте алмайды", деп айтқан еди. Мәмлекетимиз басшысы да реформаларды, бәринен бурын, ўатанласларымыздың пикирин өзгертиў, дүньяқарасын кеңейтиўден баслады.
Бир ғана мысал, халқымыздың билимлендириў тараўы, илим-ағартыўшылыққа бүгинги мүнәсибети буннан он-жигирма жыл бурынғыдан пүткиллей өзгеше. Усы жыл 24-февраль күни Президентимиздиң жаслар менен ушырасыўында Өзбекстан Жаслар раўажланыўы глобал индексинде ең жоқары пәт пенен раўажланып атырған мәмлекет деп тән алынғаны мәлим етилди. Жаслардың бундай тән алыныўы кейинги жылларда билимлендириў тараўы, атап айтқанда, Өзбекстанның дерлик 6,5 миллион ул-қыз оқыйтуғын мектеп билимлендириўиндеги жаңаланыўлардың жемиси болып есапланады.
Жыллар даўамында жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жасларымыз жәҳән пән олимпиадаларында 66 алтын, 147 гүмис, 221 бронза медалын қолға киргизди. Гарвард, Йель, Принстон, Колумбия, Корнелл сыяқлы абырайлы университетлерде билим алып атырған жасларымыз 500 ден, абырайлы жоқары оқыў орынларының 100 лигиндеги жоқары оқыў орынларында оқып атырған жигит-қызларымыз 3500 ден асты. Бул санлар Өзбекстан бийкарға тән алынбағанының дәлийли болып есапланады. Бул нәтийжелерге тийкар салған билимлендириў тараўындағы артқа қайтпайтуғын, ўатанласларымыздың дүньяқарасында өзгерис жүз бериўине себеп болған реформаларды бирме-бир еске алайық.
Илим-ағартыўшылық - келешек кепили
Билимлендириў тараўына көзқарас буннан он-он бес жыл бурын пүткиллей басқаша еди. Бурын ўатанласларымыз перзентлерине "оқып илимпаз боласаң ба, усы төрт қойды баққаның мақул" ямаса "саўдаңды ислей бер" деп айта беретуғын еди. Бүгин болса билим алыўға абадан турмыстың кепили, келешек тийкары сыпатында қаралмақта. Өзбекстан илим-пән мәмлекетине айланып бармақта.
Есиңизде ме, алдын аймақларда тойхана қурыў ең қолайлы исбилерменлик бағдарына айланған еди. Тек ғана орайлық қалаларда емес, ал алыс аўылларда да бир-еки тойхана болатуғын еди. Билимлендириўдеги жаңаланыўлар, университет ҳәм институтларға оқыўға кириў бойынша мәмлекетлик имтиханлар ашықластырылғаннан соң, жаслар ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң есигин ашатуғын "алтын гилт" тек ғана илим екени анық болып қалды. Нәтийжеде қала ҳәм аўылларда оқыў орайлары шөлкемлестириле баслады. Билим бериў, имтиханға оқыўшыларды таярлаў исбилерменликтиң ең нәтийжели бағдары болып қалды. Ҳәттеки тойханалардың айырымлары қайта үскенеленип, оқыў орайларына айландырылды.
Әлбетте, оқыў орайларының кеңнен ғалаба ен жайыўында жаратылған қолайлы шараят, жеңиллик ҳәм хошаметлердиң жыл сайын артып барыўы да пуқта тийкар таярлады. Атап айтқанда, оқыў орайын ашқан жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит, шетки аймақларда болса 120 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи. Сондай-ақ, жеке меншик оқыў орайларында шет тиллерин үйрениўши жаслардың төлеминиң "2+6" ай түринде қаплап берилиўи тармақтың және де гүллеп-жаснаўына хызмет етти.
Нәтийжеде шет тилин билиў дәрежеси бойынша сертификатқа ийе жасларды қоллап-қуўатлаў механизми нәтийже берип, сертификатлы жигит-қызлар 600 мыңнан артқаны, шет тиллерди жетик билетуғын 72 мың инструктор қәлиплести. Жеке меншик оқыў орайларының саны 3 есеге көбейип, 38 мыңнан асты.
Мәмлекетимиз басшысының жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде атап өтилгениндей, енди Жеке меншик оқыў орайлары ассоциациясы дүзилип, ассоциацияға ағза болған орайларға имаратын ижараға берген исбилерменлер ижара дәраматы ҳәм пайда салығын төлеўден азат етиледи. Бундай орайлардың оқытыўшыларын алдынғы билимлендириў орайларына стажировкаға жибериў әмелияты жолға қойылады. Яғный тармақ бирден-бир үлкен күшке айланып, жумыс нәтийжелилиги есесине артыўы нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, "Көмек" бағдарламасы шеңберинде алыс ҳәм шетки аймақларда шет тили оқыў орайларының жумысын кеңейтиў ушын 300 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи. Алыс аймақлардағы оқыў орайлары социаллық салықты 1 процент, оқытыўшылар ушын дәрамат салығын 7,5 процент муғдарында төлейди.
Ул-қызлардың тийкарғы ўақты мектепте өтеди. Демек, жасларға билим бериўде мектеп тийкарғы орын. Оқыў орайлары болса олардың ең жақын жәрдемшиси болады. Сонлықтан, кейинги жыллары бул система пүткиллей жаңаша көриниске ийе болды. Ағартыўшылық майданына Президент мектеплери кирип келди. Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 20-февральдағы "Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Бул мектеплер аймақлар бойлап кең көлемде шөлкемлестирилди. Түрли сынақлар менен талантлы жаслар таңлап алынған бул мектеп питкериўшилери тек ғана жергиликли емес, ал сырт ел билимлендириў мәкемелеринде де оқыў имканиятына ийе болды.
Кейин ала Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги шөлкемлестирилип, улыўма орта билим бериў мектеплери арасында қәнигелескен жаңа мәкемелер - Президент ҳәм дөретиўшилик ҳәм ҳәр қыйлы пәнлерге қәнигелескен мектеплердиң жумысы жолға қойылды. Олардағы оқытыў сапасын жүзлеген питкериўшилериниң жергиликли ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине мүддетинен алдын оқыўға қабыл етилип атырғанында да көриў мүмкин. Бир ғана мысал: 2024-жылы Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшысы Абдулазиз Собиров дүнья рейтингинде жетекши 5 ликке киретуғын Гарвард университетине грант тийкарында оқыўға қабыл етилген. Сондай-ақ, өткен жыллары Асилбек Ашуров, Гозал Ҳайдарова, Сайфулло Саидов абырайлы 10 ЖОО қатарындағы университетлерге грант тийкарында оқыўға кирди.
Президент мектеплери табыслы структура сыпатында да Өзбекстан илим шырағын жәҳән сахнасына алып шықпақта. Соның ишинде, 2025-жыл январьда Ташкент қаласындағы Президент мектеби Шайх Зоид Ол Наҳаён аты менен аталатуғын турақлы раўажланыў тараўындағы жетискенликлери ушын сыйлықтың "Глобал орта мектеплер" номинациясында жеңимпаз деп табылды. Дүньяда экологиялық мәселелер барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Ташкенттеги Президент мектебиниң оқыўшылары оқытыўшысы менен бирге мине усы глобал машқалаға шешим болатуғын жойбары менен таңлаўда теңсиз деп табылды.
Басқа түрдеги мәмлекетлик мектеплердиң жумысы да сын көзқарастан-аналитикалық көрип шығылып, реформаланбақта. Соның ишинде, оларда анық пәнлер, мәлимлеме технологиялары, шет тили бойынша арнаўлы (қәнигелестирилген) класслар ашылды. Бул өзгерислер көлеминде жеке меншик сектордың да өз орны бар. Тармақтағы кең көлемли реформалардан кейин ғалаба болған тек ғана бир функциялы үлкен-киши оқыў орайларының бәсекиге шыдамлылығы төменледи. Енди олар да материаллық-техникалық базасын жаңалап, жеке меншик мектеплер көринисине өте баслады. Тийкарғы фактор бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, мәмлекет тәрепинен тармаққа берилген жеңиллик ҳәм имканиятлардан кеңнен пайдаланыў және және де тартымлылықты арттырыў болды. Өткен бес жылда қурылған мәмлекетлик мектеплерден жеке меншик мектеплердиң саны көп. Бизнестиң алтын қағыйдасы бул - талап бар жерде усыныс пайда болады. Бул факт те билимлендириў системасындағы реформалар тек ғана тараўды емес, ал ўатанласларымыздың илимге, ағартыўшылыққа умтылысы, қызығыўшылығын арттырғаны, дүньяға көзқарасын өзгерткенин билдиреди. Бирақ буның менен реформалар бир заман да тоқтап қалғаны жоқ. Керисинше, жаңа жойбар ҳәм басламалар және де жеделлик пенен даўам етпекте. Соның ишинде, өткен жылы системада үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар болды.
Мәмлекетимиз басшысының тийкарғы мақсети тек ғана қәнигелескен мектеплерде ямаса жеке меншик билимлендириў мәкемелеринде оқытыўдың сапасын арттырыў емес, ал мәмлекеттеги барлық мектеплерде билимлендириўдиң жоқары сапасын тәмийинлеў арқалы халықтың саўатлылық дәрежесин көтериў ҳәм Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тийкарын қәлиплестириўден ибарат. Президентимиздиң басшылығында 2025-жыл 9-сентябрьде болып өткен мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалардың орынланыўы және келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде тараўдағы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар белгилеп берилди. Атап айтқанда, халықаралық стандартларға бейимлестирилген билимлендириў системасына өтилетуғыны атап өтилди. Бул өзбек жасларының абырайлы халықаралық университетлерге ҳүжжет тапсырыўындағы айырым тосқынлықларды сапластырады.
Сондай-ақ, жаңа реформаларға бола, 2026/2027-оқыў жылынан баслап бирден-бир мәмлекетлик имтиханлар енгизиледи. Яғный мектеп дәўиринде оқыўшылардың қәбилетине қарап, кәсип ямаса жоқары билимлендириўге бағдарлаў ушын 9-ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын бирден-бир мәмлекетлик имтиханлар өткериледи. Онда питкериўшилер топлаған балларына бола, оқыўды жоқары билимлендириў мәкемеси ямаса техникумда даўам еттиреди.
Енди Өзбекстанда мектеплер тек билим бериўши орын емес, оларға оқыўшыларды кәсипке үйретип, техникумларға бағдарлайтуғын структура сыпатында да қаралмақта. Бул болса жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, ертеңги турмысын жолға қойыўы ушын және бир имканият дегени. Мектеплер балық услап бермейди. Оқыўшылардың қолына қармақ услататуғын, олардың келешегине тырнақ тасы қойылатуғын орынға айланып бармақта.
Бул да мектептеги оқытыўдың сапасын арттырыўға хызмет етеди. Әсиресе, ата-аналар алдын перзентиниң мектепте ала алмаған билиминдеги бослықты қосымша дәреклер менен толтырған болса, енди олар мектептиң өзинен билимлендириўдиң сапасын талап ете баслайды. Себеби мектептеги билими ҳәм баҳалары оқыўшылардың келешегин белгилеп береди.
Инсан қәдирин улығлаў оқытыўшылар
статусын көтериўден басланды
Мәмлекетимиз басшысы басқарыўының дәслепки жылларынан-ақ мектептеги билимлендириў системасын түп-тийкарынан реформалаў, буның ушын, биринши гезекте, статусын арттырыў арқалы муғаллимлерди мектепке қайтарыў, әсиресе, олардың арасында еркек муғаллимлердиң санын көбейтиўге айрықша итибар қаратылды. Себеби Президентимиз күшли мәмлекет, жоқары жәмийет қурыўды, бәринен бурын, мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасын түп-тийкарынан реформалаўдан баслаў керек екенин терең аңлайтуғын еди. Оқытыўшылар болса бул системаның ҳақыйқый ийелери еди.
Бир ўақытлары Япония бас министринен мәмлекеттиң урыстан кейинги жетискенлигиниң сыры неде екенлиги ҳаққында соралған. Сонда бас министр "Биз муғаллимлерге императордың ҳүрметин, елшиниң қол қатылмаслығын ҳәм министрдиң айлығын бердик", деп жуўап береди. Дурыс, теңеў бираз орынсыз болыўы мүмкин. Бирақ Өзбекстан көп жыллық социаллық-экономикалық өсиўде турғынлық дәўирин басынан кеширип атырған еди. Буннан болса, биринши гезекте, улыўма орта билимлендириў системасы зыян көрмекте еди. Себеби, ол жылларда муғаллимлер балаларға тәлим-тәрбия беретуғын ҳүрметли устаз емес еди. Ҳәкимият ўәкиллери ушын мәжилислерди толтыратуғын адамлар, ямаса ҳәр қыйлы шембиликлерге тартылатуғын бюджет ўәкиллери еди. Салықшылар ушын салық жыйнаўшы, мәҳәлле белсендилери ушын үйме-үй жүрип, шаңарақларды жарастырыўшы, шаңарақлық келиспеўшиликлерди сапластырыўшы адамлар еди. Бир сөз бенен айтқанда, олардың мектептен басқа ҳәмме жерде ислеп атырғанын көриў мүмкин еди. Мәмлекетлик уйымлар ўәкиллериниң бундай мүнәсибети ўатанласларымыз, әсиресе, жаслардың санасында уллы кәсип ийелерине деген надурыс көзқарасты қәлиплестирип қойған еди. Көп мәрте ата-аналардың мектеп муғаллими менен жәнжеллесиўи, ҳәтте оқыўшылардың өз муғаллимине қол көтериў жағдайларының гүўасы болдық.
Президентимиз муғаллим ҳәм устазлардың мийнети жаңа Өзбекстанның тийкары екенин атап өтип, биринши гезекте оларды мектеплерге қайтарды. Бул тараўдағы мәжбүрий мийнетке кескин ҳәм маўасасыз қатнаста болды. Муғаллим ҳәм устазлардың хызметинен материаллық мәпдарлығын арттырып, "муғаллимлер мың доллар айлық алады", деп ўәде берди. Минберден айтылған бул гәплерге көпшилик исенбеди. Себеби, ол дәўирлерде педагоглар бундай айлықты ҳәтте әрман да етпеген еди. Бирақ бүгинге келип тараўдағы жаңа баслама ҳәм жойбарлар нәтийжесинде муғаллимлер буннан да көп айлық алыўына пуқта имканият таярланды.
Әлбетте, бундай имканият тек ғана илим жолында пидайылық көрсетип атырған кәсип ийелерине несип етпекте. Себеби, гүриш шигинсиз болмағанындай өз үстинде ислемейтуғын, хызмет ўазыйпасына жуўапкершилик пенен қатнаста болмайтуғынлар менен муғаллимшилик атына даңқ келтиретуғынлардың бирдей хошаметленетуғыны надурыс болар еди, әлбетте. Соның ушын, ҳәр қыйлы сертификат, маманлықты белгилеўши имтиханлар енгизилди. Муғаллимлердиң турақлы өз үстинде ислеўи үлкен дәрамат табыўына тийкар болмақта.
Соңғы жыллардағы реформалар нәтийжесинде илимге, илим ийелерине қаратылған итибар устазлардың қәдирин мисли көрилмеген шекке алып шықты. Оларды жуўапкерлердиң қысымынан қутқарып, материаллық тәмийнатын жақсылады, жәмийеттиң ең ҳүрметли адамларына айландырды. Реформалар өзбек ул-қызларының бул тараўға қызығыўшылығын арттырды. Бүгин оқыўшылар муғаллим болыўды әрман етпекте. Ата-аналар перзентлериниң педагог болыў тилегин хошаметлеп атыр. Халқымыздың дүньяға көзқарасы пүткиллей өзгерип, кәсип пидайыларының қәдирине жете баслады. Мәмлекетимиз басшысы ҳәм ҳүкиметимиз бул бағдарда жәмийетке, халыққа ең үлги көрсетти.
Артқа қайтпайтуғын реформалар нәтийжесинде жаңа Өзбекстан илим-ағартыўшылық мәмлекетине айланып бармақта. Сол себепли, Үшинши Ренессанстың тийкары әйне мектеплерде қойылатуғыны сөзсиз.
Санжар ЭШМУРОДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы