Туңғыш перзенти 7 жасқа толған ата-аналар ушын толқынландырыўшы күнлер келди. 20-июньнан баслап мәмлекетимизде 1-классқа қабыллаў процеси басланды. Быйылғы оқыў жылында дерлик 800 мың ул-қыз мектепке биринши рет қәдем қояды. Ең көп оқыўшы болса Самарқанд, Ферғана, Қашқадәрья, Әндижан ўәлаятларындағы улыўма билим бериў мектеплерине қабыл етиледи.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен 2026/2027-оқыў жылында 1-классқа қабыллаў процесин муўапықластырыў мақсетинде республикамыздың барлық аймағы бойлап штаблардың жумысы шөлкемлестирилген. Олар онлайн ҳәм офлайн қабыллаў процесин муўапықластырып, дүйшембиден жумаға шекем саат 09:00 ден 17:00 ге шекем ислейди.

Билимлендириў системасына санластырыў кеңнен енгизилип атырғаны 1-классқа қабыллаў процесинде де ата-аналарға бир қатар жеңилликлер жаратпақта. Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен 1-классқа онлайн қабыллаў, яғный мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўге байланыслы тәртип-қағыйдалар белгилеп берилген. 1-классқа электрон қабыллаў процеси өткен оқыў жылында 64 район ҳәм қалада әмелге асырылған болса, быйыл 135 район ҳәм қалада усы система арқалы қабыллаў шөлкемлестирилмекте. Бундай қабыллаў усылы артықша әўерегершиликлерди толық сапластырып атырғаны себепли келеси жылларда бул қолайлылықты республикамыздың барлық район ҳәм қалаларында енгизиў нәзерде тутылмақта.

Электрон арзалар Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң my.maktab.uz электрон платформасы ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы - my.gov.uz арқалы жибериледи. Бунда телефон номери арқалы дизимнен өтиледи. Министрлик жуўапкери Нодир Ҳайитовтың атап өтиўинше, быйылғы қабыллаў тәртибинде ата-аналар ушын және бир әҳмийетли қолайлық жаратылды. Электрон хызметлер порталы (my.maktab.uz) ның интерфейси толық жаңаланып, заманагөй ҳәм түсиникли көриниске келтирилди.

Усы жылдан баслап OneID системасы арқалы да дизимнен өтиў ҳәм онлайн арза жибериў мүмкин. Бул имканият ата-аналар ушын телефон номерин системада жаңалаў менен байланыслы қолайсызлықларға шек қояды. Буннан тысқары, көпшилик ата-аналар өзлерине бириктирилген мектепти билмейди. Енди олар my.maktab.uz платформасына жасаў мәнзилин киргизиў арқалы перзентлери 1-классқа қабыл етилетуғын мектеп (микроаймақ бойынша) ҳәм ол ҳаққындағы мағлыўматларды аңсат билип алыўы мүмкин.

Электрон арза жиберип атырған шахс жасаў мәнзили ҳәм перзенти ҳаққындағы мағлыўматларды киргизип, сораўнаманы толтырады. Система автомат түрде микроаймаққа бириктирилген мектепти белгилейди. Арза бериўшиден тек ғана билимлендириў тилин таңлаў талап етиледи. Киргизилген мағлыўматлардың дурыслығы тастыйықланғаннан соң, "Арзаны жибериў" түймеси басылады. Жиберилген арза 3 жумыс күни ишинде үйрениледи. Буннан кейин арза бериўши электрон нәўбет арқалы өзине қолайлы ўақытты таңлап, мектепке барыўы мүмкин. Қабыл етилгенлик жағдайы бойынша 1 жумыс күни ишинде телефонға СМС хабар келеди.

Биринши басқыш 20-июньнан 31-июльға шекем даўам етип, бул дәўирде мектеплерге жергиликли ҳәкимлик қарары менен бириктирилген микроаймақ бойынша 1-классқа қабыллаў процеси әмелге асырылады. 1-31-август күнлери болса екинши басқыш, яғный микроаймақтан тысқары бос орынлар бойынша қосымша қабыллаў процеси әмелге асырылады. Қосымша квоталар ушын қабыллаў улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшы орны, маман педагог кадрлар менен тәмийинленгени, класс ханаларының жетерли екенлиги есапқа алынған ҳалда әмелге асырылады.

Илимге дәслепки қәдем мектеп босағасынан, келешекке үмит мектеп партасынан басланатуғын болса, 1-классқа қабыллаў процеси үзликсиз билимлендириўдиң әҳмийетли басқышы болып есапланады. Бул бағдарда процесске жуўапкерлер де, ата-аналар да бийпәрўалық етиўи, итибарсыз болыўы мүмкин емес. Ойлаймыз, қабыллаў процесслери жаңа қолайлықлар менен кеўилдегидей өтеди. Перзентине барлық мәселеде қолайлық тилейтуғын ата-аналар мектеп таңлаўда да дурыс таңлаў жасайды.

Муножат МУМИНОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы