Додалаў ўақтында бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасында интеллектуаллық мүлк объектлерин, атап айтқанда, товарлар келип шыққан орынның географиялық көрсеткишлери ҳәм атамаларын халықаралық ҳуқықый қорғаў бойынша жаңа имканиятлар жарататуғыны атап өтилди. Бул жергиликли өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм оларды жәҳән базарына нәтийжели алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Нызам инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаўға, регионаллық брендлерди раўажландырыўға, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыўға ҳәм халықаралық майдандағы унамлы имиджин беккемлеўге хызмет етеди.

Сенаторлардың пикиринше, Нызамның қабыл етилиўи интеллектуаллық мүлк миллий объектлерин халықаралық көлемде қорғаў механизмлерин жетилистириўге, жергиликли ислеп шығарыўшылардың мәплерин қоллап-қуўатлаўға ҳәм Өзбекстанның жәҳән экономикалық мәканында бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.