Penta
Hospitals International - Орайлық Европаның ең ири жеке меншик медицина
тармақларынан бири болып, 150 ден аслам емлеўхана ҳәм 100 ге шамалас наўқасларға
ғамхорлық етиў мәкемелерин бирлестиреди. Компания системасында дерлик 25 мың
хызметкер жумыс ислейди. Буннан тысқары, жақында Братиславада 1 мың 400
жумысшыға мөлшерленген жоқары технологиялы медицина комплекси ашылды.
Жаңа жойбар шеңберинде Өзбекстанда шыпакерлер ҳәм орта
медицина хызметкерлерин кейин ала Penta Hospitals International мәкемелерине жумысқа орналастырыў
ушын таярлаў системасы жолға қойылады.
Globogate
компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған бағдарлама шеңберинде 600
ге шамалас өзбекстанлы мийирбийкелер Германияда жумыс пенен тәмийинленгени атап
өтилди.
Енди бирге ислесиўди кеңейтиў режелестирилген. Биринши
басқышта өзбекстанлы медицина қәнигелери Чехия, Словакия ҳәм Польшада, кейин
ала Эстония, Латвия ҳәм Литвада жумысқа орналасыў имканиятына ийе болады.
Миграция агентлигиниң хабар бериўинше, бул мәмлекетлердеги
вакант жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўмат тез арада XORIJDA ISH рәсмий телеграм каналында
жәрияланады.