Пәрманға муўапық, акция өткерилетуғын күнлерде мәмлекетлик уйымлар ҳәм
шөлкемлердиң хызметкерлерине хызмет автотранспортынан пайдаланыў қадаған
етиледи. Онда, көрсетилген сәнелер жумыс күнлерине туўра келсе, айдаўшылардың
мийнет ҳақысы сақлап қалынады.
Бул баслама
автотранспорт қуралларынан шығып атырған зыянлы шығындыларды азайтыў арқалы
халықтың саламатлығын қорғаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў,
атмосфераға шығып атырған патасландырыўшы элементлер көлемин азайтыў, экологиялық
турақлы орталықты қәлиплестириў, жәмийетлик транспорт ҳәм экологиялық таза
транспорт түрлеринен пайдаланыў мәдениятын кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған.
Акцияны жоқары
дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў мақсетинде Арнаўлы комиссияның
тийисли протоколы қабыл етилди. Оған бола, мәмлекетлик пуқаралық
хызметкерлериниң "Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз
ҳәпте" акциялары шеңберинде хызмет автотранспортынан пайдаланыўы
әдеп-икрамлылық ҳәм хызмет минез-қулық қағыйдаларын бузыўға теңлестириледи.
Белгиленген
талапларға әмел етпеў тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары
тәрепинен мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерди интизамий жуўапкершиликке
тартыўға тийкар болады.
Мағлыўмат ушын:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 25-ноябрьдеги "Ташкент
қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар
ҳаққында"ғы ПП-229-санлы Пәрманына муўапық, Арнаўлы комиссияға транспорт
қуралларының ҳәрекетин шеклеў ўәкиллиги берилген. Арнаўлы комиссия тәрепинен
қабыл етилетуғын қарарлар ҳәм көрсетпелер барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм
шөлкемлер, сондай-ақ, юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын мәжбүрий болып
есапланады.
"Автомобильсиз
күн" акциясы шеңберинде министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик
ҳәкимият уйымлары, билимлендириў мәкемелери, кең жәмийетшиликтиң белсене
қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе. Буннан тысқары, усы күнлери халықтың экологиялық
мәдениятын арттырыўға қаратылған ағартыўшылық илажлар, ғалабалық сейиллер ҳәм
жәмийетлик акциялар өткериледи.
Мәмлекетлик
уйымлардың барлық хызметкерлери ҳәм пуқараларды бул басламаны қоллап-қуўатлаўға
ҳәм онда белсене қатнасып, елимизде қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў
ҳәм саламат экологиялық орталықты қәлиплестириўге мүнәсип үлес қосыўға
шақырамыз.