Атап өтилгениндей, бурын Сох транспорт ҳәм логистика имканиятлары шекленген, экономикалық байланыслар төмен болған, барыў қыйын аймақлардан бири еди. Кейинги жылларда регионаллық бирге ислесиў ҳәм беккем сиясий ерк-ықрар себепли бул үлкени ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар ашылды. Жаңа жоллар ашылды, шегарадан өтиў тәртиби әпиўайыластырылды, исбилерменлик ушын шараятлар жақсыланды, заманагөй бақша, мектеп, емлеўхана ҳәм турақ жайлар қурылды.
Бүгинги күнде Сох қаласындағы 25 мәҳәлледе 88,6 мың халық жасайды. Аймақта 29 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 33 мектеп, 2 орта арнаўлы билимлендириў мәкемеси, 14 медицина мәкемеси, 2 мәденият объекти жумыс алып бармақта. Тек ғана өткен жылдың өзинде 13 мың 921 жумыс орны жаратылып, 1 мың 667 шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды.
Улыўма етип айтқанда, Сохтағы өзгерислер тек ғана инфраструктураның жаңаланыўы емес, ал районның экономикалық белсендилиги артқаны, халықтың исеними күшейгени, жаслар ушын имканиятлар кеңейгениниң әмелий көриниси болып есапланады. Заманагөй Сох әсте-ақырын аймақлық экономикалық системаға қайта интеграцияланбақта.
Соның менен бирге, районда кәмбағаллық дәрежеси 7,9 процентти, жумыссызлық дәрежеси болса 5,5 процентти қурап атырғаны, бул болса мәмлекет бойынша орташа көрсеткиштен жоқары екени атап өтилди.
Презентацияда жуўапкерлер усы жылы 40 миллион доллар инвестиция тартыў ҳәм 15 миллион доллар експортты тәмийинлеў режелери бойынша мәлимлеме берди. Бул арқалы санаатта 9 процент, хызметлер тараўында 17,1 процент, аўыл хожалығында 7,6 процент өсиўди тәмийинлеў мақсет етилген.
Мәжилисте районның туризм потенциалына айрықша итибар қаратылды.
Сохтың бийтәкирар тәбияты, таза ҳаўасы, дәрьялары ҳәм салқын климаты бул тараўды экономиканың драйверлеринен бирине айландырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди. Мәселен, Сариканд, Раван ҳәм Истиқлол мәҳәллелеринен өтетуғын Сох дәрьясының бойында жаңа туристлик обектлер қурыў мүмкин. Екинши тәрептен, бул жерде реабилитация, физиотерапия, дәри-дәрмақ логистикасы ҳәм медициналық билимлендириўди бир жерге жәмлеген Медициналық хызметлер кластерин шөлкемлестириў ушын барлық шараят бар.
Туризм ҳәм хызметлер тараўына жәми 60 миллион доллар инвестиция тартыў, 2 мыңға шамалас жумыс орнын жаратыў, туризм хызметлериниң көлемин 15 миллиард сумға арттырыў, експортты 2 миллион долларға кеңейтиў режелери атап өтилди.
Халықтың жасаўы ҳәм мийнет етиўи ушын қолайлы инфраструктура жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында додаланды.
Буннан тысқары, ҳәр бир мәҳәлледе 10 нан, жәми 300 микрожойбар иске қосылып, 8 мың 600 халық кәсип-өнерге оқытылады. Бул жойбарлар ушын банклер тәрепинен 64 миллиард сум кредит ресурслары ажыратылады, социаллық тараў ҳәм инфраструктура ушын қосымша 74,5 миллиард сум қаратылады.
Транспорт ҳәм логистика мәселелери де толық көрип шығылды. Районның басқа аймақлар менен өз-ара байланысын күшейтиў, шегарадан өтиўди жеделлестириў, экономикалық байланысларды кеңейтиў бойынша әмелий илажлар белгиленди.
Раён халқы дәраматларының тийкарғы бөлеги аўыл хожалығы менен байланыслы екенин есапқа алып, бул тараўға заманагөй көзқараслар ҳәм жаңа технологияларды кеңнен енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәселен, Қайрақ массивинде 425 гектар жайлаўда мийўе бағлары, Чашма мәҳәллесинде 60 гектарда шафран плантацияларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, "Озод" ҳәм "Соҳ" хожалықларында 100 гектарда картошка жетистириў жойбарларын әмелге асырыў усыныс етилди. Сондай-ақ, Наўабад мәҳәллесинде балықшылықты раўажландырыў жойбары да көрсетилди. Оған бола, ҳәр бири 50 сотыхлы 30 суў сақлағыш жаратып, ҳәр биринде 50 тонна форель жетистириў имканияты бар.
Соның менен бирге, Девайрон ҳәм Тулдашт елатлы пунктлери арасында 8 километр өзи ағатуғын суўғарыў тармағын қурыў арқалы 500 гектар майданда бағ ҳәм 300 гектар майданда егислик майданларын өзлестириў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Соўх районын раўажландырыўдан тийкарғы мақсет адамлардың турмысын жақсылаў, халықтың дәраматларын көбейтиў, жумыс орынларын жаратыў, транспорт байланыслылығын буннан былай да беккемлеў екенин атап өтти. Жуўапкерлерге район бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.