Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстанда Trenkwalder Group компаниясының БПО ҳәм бэк-офис операцияларын жолға қойыў перспективалары, жойбарды әмелге асырыў бойынша кейинги қәдемлер, сондай-ақ, глобал бизнес хызметлери (Global Business Services, GBS) тараўында узақ мүддетли бирге ислесиў имканиятларын додалады.

1985-жылы шөлкемлестирилген Trenkwalder Group Европаның жетекши кадрлар хызметлери ҳәм бизнес процесслери аутсорсинги (БПО) тәмийнатшыларынан бири есапланады. Компания Европаның 16 мәмлекетинде жумыс алып барады, 200 ге шамалас офислерге ийе, 20 мыңнан аслам хызметкерди бирлестиреди, жыллық айланысы болса 700 миллион евродан асады. Trenkwalder Австрия ҳәм Венгрияның кадрлар хызметлери базарында жетекши орынларды ийелейди, Droege Group халықаралық инвестициялық топарының бир бөлеги есапланады.

Ушырасыў даўамында Trenkwalder Group ўәкиллери Өзбекстанды халықаралық қарыйдарларға хызмет көрсетиўге бағдарланған хызметкерлерди таңлаў, сондай-ақ, аутсорсинг орайлары ҳәм бэк-офис хызметлерин жайластырыў ушын потенциал майдан сыпатында көрип атырғанын мәлим етти. Биринши басқышта компания кейин ала бизнести кеңейтиў ушын 100 қәнигеден ибарат команданы қәлиплестириў имканиятын үйренбекте.

Өз гезегинде, IT Park Uzbekistan жәмәәти экспортқа бағдарланған хызмет көрсетиў орайларын раўажландырыў ушын мәмлекеттиң абзаллықлары, соның ишинде, маман кадрлардың бар екенлиги, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың әмелдеги илажлары ҳәм халықаралық компаниялар ушын жаратылған қолайлы шараятлар менен таныстырды. Тәреплер операциялық жумысты шөлкемлестириў, БПО бағдарын раўажландырыў ҳәм компанияның Өзбекстан базарына кириў жол картасын таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Trenkwalder Group операцияларының жолға қойылыўы глобал бизнес-хызметлер тараўындағы ири халықаралық ойыншыларды Өзбекстанға тартыўда гезектеги қәдем болады. Жойбардың әмелге асырылыўы жаңа жоқары маманлықтағы жумыс орынларын жаратыў, БПО-хызметлериниң експортын арттырыў, мәмлекеттиң HR ҳәм аутсорсинг тараўында Европаның жетекши компаниялары менен бирге ислесиўин беккемлеўге хызмет етеди.