Тәреплер саўда,
инвестициялық шериклик ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў мәселелерин додалады.
Январь-май айларында товар алмасыў дерлик 40 процентке өсти, оны 1 миллиард
долларға жеткериў ўазыйпасы тастыйықланды.
Геологиялық-излеў, қымбат
баҳалы металлар қазып алыў, тоқымашылық, туризм ҳәм қала қурылысы,
фармацевтика, электротехника ҳәм азық-аўқат санааты, қурылыс материалларын
ислеп шығарыў тараўларындағы жойбарлар көрип шығылды.
Аймақлараралық байланыслар, август айында
4-Өзбекстан-Әзербайжан форумын өткериў ҳәм еки тәреплеме инвестициялық
компанияның портфелин кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Жуўмағында ҲАК протоколына ҳәм инвестициялар,
қаржыландырыў, санаат кооперациясы, геология-излеў ҳәм минерал ресурсларды
өзлестириў тараўларындағы келисимлер топламына қол қойылды.