Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективалары додаланды. Усы жылдың январь-июнь айларында өз-ара товар алмасыў 37,5 процентке өсип, 305 миллион долларға жеткени атап өтилди.

29 қоспа жойбарды алға қойыў, сондай-ақ, 26-27-ноябрь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның 17-мәжилиси ҳәм Өзбекстан-Иран бизнес форумына таярлық көриў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара саўда көлемин арттырыў, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алды.