Сапар Өзбекстанның АҚШтағы елшиханасының мәмлекет пуқаралары ушын АҚШта нызамлы жумысқа орналасыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм Н-2А бағдарламасында қатнасыўды әпиўайыластырыў бағдарындағы жумысы шеңберинде шөлкемлестирилмекте, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Сапар даўамында тәреплер Өзбекстан пуқараларын АҚШ аўыл хожалығы тараўында мәўсимлик жумысларға тартыў, Өзбекстан ҳәм «Head Honchos» компаниясы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойыў мәселелерин додалаўды режелестирген.

Ҳүжжет америкалы жумыс бериўшилердиң талапларына муўапық кадрлар таярлаў, талабанларды кәсипке оқытыў ҳәм Н-2А визасы шеңберинде АҚШта нызамлы жумыс орнын алыў имканиятларын кеңейтиўди нәзерде тутады.

Америка делегациясының Ташкент қаласы, сондай-ақ, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларына сапары да режелестирилген болып, бул жерде компания ўәкиллери аўыл хожалығы кәрханалары, фермер хожалықлары ҳәм тараў қатнасыўшыларының жумысы менен танысады.

Елшиханада атап өтилгениндей, Н-2А бағдарламасы шеңбериндеги бирге ислесиў Өзбекстан пуқараларын АҚШта жумысқа жайластырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў, қәўипсиз ҳәм нызамлы мәўсимлик жумыс ислеў ушын қосымша имканиятлар жаратыўға қаратылған.

Еслетип өтемиз, усы жылдың басынан баслап АҚШ пуқаралары ушын Өзбекстанға кириўде 30 күнге шекем визасыз режим енгизилген еди.