Ушырасыўда Өзбекстан пуқаралары ушын 30 күнге шекем визасыз тәртипти және
де әпиўайыластырыў ҳәм узақ мүддетли виза алыў тәртип-қағыйдаларын жеңиллетиў
перспективалары додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Өзбекстан дипломатлары елимизде виза сиясаты тараўында әмелге асырылып
атырған реформалар, қәўипсиз сыртқы мийнет миграциясын тәмийинлеў, сырт елде
жумыс ислеп ҳәм билим алып атырған Өзбекстан пуқараларын қоллап-қуўатлаў
илажлары ҳаққында айтып берди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Өзбекстан 93 тен аслам мәмлекет
пуқаралары ушын визасыз тәртипти енгизди, және 70 тен аслам мәмлекет ушын
электрон виза системасын иске қосты.
Сондай-ақ,
тәреплер Өзбекстан менен Малайзия арасында саўда-экономикалық, туризм,
билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў избе-из
раўажланып атырғанын атап өтти. Еки мәмлекет басшыларының өз-ара рәсмий
сапарлары даўамында тийисли келисимлерге ерисилгени атап өтилди.
Аминуддин бин
Яхая Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, соңғы
жылларда еки мәмлекет арасындағы туристлик алмасыўлар артып атырғанын атап
өтти.
Малайзия миграция
департаменти ўәкиллери мәмлекетте нызамлы болыў ушын рухсатнама алған Өзбекстан
пуқараларының саны артқанын да мәлим етти. Олардың атап өтиўинше, Өзбекстан
пуқаралары Малайзияға тийкарынан билим алыў ҳәм маман қәниге сыпатында жумыс
ислеў ушын келеди.