Өзбекстан Республикасы делегациясына сыртқы ислер министриниң биринши
орынбасары Баҳромжон Аълоев, Иран Ислам Республикасы делегациясына сыртқы ислер
министриниң сиясий мәселелер бойынша орынбасары Мажид Тахти-Раванчи басшылық
етти.
Мәсләҳәтлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан - Иран қатнасықларының
бүгинги жағдайы ҳәм оларды буннан былай да раўажландырыў перспективаларын,
сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы сиясий сөйлесиўди беккемлеў ҳәм әмелий бирге
ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады.
Саўда-экономикалық
ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, транспорт-транзит байланысларын раўажландырыў,
мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў, халықаралық ҳәм регионаллық
шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Тәреплерди
қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша
да толық пикир алысылды.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм
еки мәмлекет сыртқы сиясий уйымлары арасында турақлы сиясий сөйлесиўди
қоллап-қуўатлаўдан мәпдар екенин тастыйықлады, деп хабар бермекте ӨзР СИМ
баспасөз хызмети..