Фестиваль Туризм комитети ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте
шөлкемлестирилди. Усы жылы бул жерге 186 мың, соның ишинде, 150 мың жергиликли
ҳәм 36 мың сырт ел туристи келген.
Фестивальдың тийкарғы ўақыяларынан бири қаўынды бир ўақыттың өзинде ең
көп муғдарда дегустациялаў бойынша жәҳән рекордының орнатылыўы болды.
Guinness World
Records рәсмий сертификатына бола,
рекорд 9-август күни Хийўада орнатылған. Дегустацияда бир ўақыттың өзинде 259
адам қатнасып, 10 нан аслам қаўын сортларынан татып көрди. Рекордты
тастыйықлаў процесин Guinness World Records рәсмий төрешиси, шөлкемниң Түркия ҳәм Орайлық Азия бойынша ўәкили
Шейда Субаши Гемижи алып барды.
Үш күн даўамында
мийманлар ушын белгили көркем өнер шеберлери, шеберлик сабақлары, көргизбелер
ҳәм түрли таңлаўлар өткерилди. Жуўмақлаў мәресими россиялы қосықшы МакSимниң
атқарыўы менен жуўмақланды.
Хорезм ўәлаятының
районлары, жетекши фермер хожалықлары ҳәм басқа да қатнасыўшылар қаўынның
онлаған сортлары, сондай-ақ, аймақлық өнимлер, заманагөй технологиялар ҳәм аўыл
хожалығы тараўының жетискенликлери менен таныстырды. Мийманлар қаўынның түрли
сортларынан татып көриў, өним жетистириўшилер менен сәўбетлесиў, Хорезмде аўыл
хожалығы егинлерин жетистириў дәстүрлери менен танысыў имканиятына ийе болды.
Фестивальдың
жуўмақлаўшы бөлиминде таңлаў жеңимпазлары анықланды. Үшинши орынды Үргенш
мәмлекетлик университети, «UzAuto» Хорезм филиалы ҳәм Хорезм ўәлаяты автомобиль
жоллары басқармасы ийеледи. Екинши орын Хорезм ўәлаяты Аўыл хожалығы
басқармасына берилди. Биринши орынды Янгиариқ районы ҳәкимлиги ийелеген болса,
Хийўа қаласы ҳәкимлиги бас сыйлықты қолға киргизди.
"Қаўын сейили"
фестивалы ўәлаяттың туризм тараўы ушын әҳмийетли ўақыя болды, Хорезмниң
гастрономиялық ҳәм аўыл хожалығы мийрасын үгит-нәсиятлаў, агротуризмди
раўажландырыў ҳәм сырт елли туристлердиң итибарын ўәлаяттың туризм потенциалына
тартыўға хызмет етти.