2025-жыл 30-январьдағы
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм
"жасыл экономика" жылында әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик
бағдарлама ҳаққында"ғы ПП-16-санлы Пәрманға муўапық, Халықаралық тиклениў
ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте "Өзбекстанда газ шығыўларын
сапластырыў механизмин жаратыў" жойбары әмелге асырылмақта.
Экономика ҳәм қаржы
министрлиги Жәҳән банки менен 10,6 миллион доллар муғдарында грант ажыратыў
бойынша келисимге, сондай-ақ, "Өзтрансгаз" АЖ менен грантларды
бөлистириў бойынша қосымша келисимге қол қойды.
Жәҳән банки жәрдеминде
өткерилген газ шығыўларын анықлаў илажлары нәтийжесинде республикамыз аймағында
"Өзтрансгаз" АЖның 35 млн куб метрге шекемги 1000 нан аслам насаз
орынлары анықланды.
Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:
Грант келисимине тийкарланып "Өзбекстанда газ
шығыўларын сапластырыў механизмин жаратыў" жойбарын әмелге асырыў
шеңбериндеги компонентлердиң мақсетли параметрлери ҳәм қаржыландырыў көлемлери;
Жойбарды муўапықластырыў ушын уйымлараралық жумысшы
топардың қурамы;
Жойбар шеңберинде газ шығыўларын сапластырыў
нәтийжесинде үнемленген қаржыларды топлаў ҳәм қайта инвестициялаў тәртиби.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында
жәрияланған ҳәм 19.08.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».