Елимизде қусларды үйрениў, сақлаў ҳәм олардың популяцияларын тиклеў бойынша жедел жумыслар алып барылмақта. Сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып баратырған түрлерди мониторинг етиў бағдарламалары әмелге асырылмақта, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар кеңейтилмекте, халық арасында ағартыўшылық жумыслары алып барылмақта.
Қуслардың көплеген түрлери, соның ишинде, сийрек ушырасатуғын ҳәм жойтылып кетиў қәўпи астында турған түрлери ушын тийкарғы орын болған халықаралық әҳмийетке ийе аймақлар дизими - Рамсар дизимине Өзбекстанның 5 суўлы-батпақлы аймағы киргизилгени әҳмийетли нәтийже болды. Бул объектлер арасында: Теңизкөл (2001-ж.), Арнасай көллер системасы (2008-ж.), Тудакөл ҳәм Қуймазар суў сақлағышлары (2020-ж.), Судочье (2023-ж.) ҳәм Жылтырбас (2024-ж.)
Бул тәбият зоналары қуслардың көплеген түрлериниң уялаўы, қыслаўы ҳәм миграциясы ушын әҳмийетли орын болып есапланады, олар арасында қызғыш фламинго, пеликан, скоп, қызыл тамақлы казарка ҳәм басқа сийрек ушырасатуғын қуслар бар.
Қуслар экосистеманың ажыралмас бөлеги. Олар жерди зыянкес жәнликлерден тазалап, өсимлик туқымларын тарқатып, өзлериниң сайраўлары менен бизлерди қуўандырады. Бирақ көплеген түрлер жасаў орынларынан айырылыў, қоршаған орталықтың патасланыўы ҳәм браконьерлик себепли жоқ болып кетиў қәўпи астында турыпты. Бизиң ҳәр бир ҳәрекетимиз әҳмийетке ийе. Елимиздиң тәбийғый мийрасына қәстерлеп қараў қуслардың ҳәм олардың жасаў орталығының сақланып қалыўын тәмийинлеўге жәрдем береди.