Күнделикли турмысымыздың бир бөлегине айланып баратырған жасалма интеллектке бүгин көпшилик келешек технологиясы сыпатында қарап атырғаны бийкарға емес. Ол экономика, билимлендириў, медицина, аўыл хожалығы, улыўма, барлық тараўда нәтийжелиликти арттырады, раўажланыўға унамлы тәсир көрсетеди.

Бүгин күнделикли турмысымызда, мәселен, бизнес, саяхат, денсаўлықты сақлаў, банк, байланыс ямаса билимлендириўде жасалма интеллект шешимлери айқын көзге тасланбақта. Смартфонлардағы FaceID, бармақ изи арқалы биометрикалық идентификация системасы, даўыслы жәрдемшилер, онлайн маркетплейс ҳәм социаллық тармақлардағы усыныс етиўши системалар жасалма интеллекттиң биз ең көп ушырататуғын технологияларына тийкарланған шешимлерди өз ишине алады. Солардың қатарында соңғы жыллары турмысымызға ChatGPT кирип келди. Бул адамлардың жасалма интеллектке қызығыўшылығын кескин арттырды.

Негизинде ол бүгин пайда болған технология емес

Негизинде жасалма интеллект бүгин пайда болған технология емес, бул бир неше жыллардан берли раўажланып атырған бағдар. Биринши рет 1956-жылы Германияның Дортмунд қаласында шөлкемлестирилген конференцияда илимпазлар тәрепинен жасалма интеллект атамасы алға қойылған. 1997-жылы шахмат бойинша жәҳән чемпиони Каспаров биринши мәрте жасалма интеллект пенен шахмат ойнаған. Соңғы жылларда ол жедел раўажланды. Себеби оның раўажланыўы ушын зәрүр болатуғын үлкен көлемдеги маглыўматлар топламы, инфраструктура, яғный сервер қурылмалары жүзеге келди. Үлкен көлемли ҳәм сапалы мағлыўматлар жасалма интеллект технологияларына тийкарланған шешимлерди ислеп шығыўда әҳмийетли фактор болды. Имканият кеңейген сайын жасалма интеллект бойынша программалық өнимлер де көбеймекте. Адамлар дерлик ҳәр күни заманагөй технологиялардан пайдалана баслады. Усы тәризде ол технология ҳәм жәмийет раўажланыўында глобал тенденцияға айланып кетти. Жақында АҚШ ҳүкимети " Open AI" компаниясына жасалма интеллектти раўажландырыў ушын 500 миллиард доллар ажыратқаны, Қытай ҳүкимети 140 миллиард, Европа Аўқамы 200 миллиард доллар муғдарында инвестиция киргизип атырғаны оған итибар барған сайын күшейип атырғанын аңлатады.

- Таллаўларға бола, жасалма интеллект жақын келешекте дүньядағы жалпы ишки өнимниң 20 процентин береди, - дейди Санлы технологиялар министрлигиниң жуўапкер хызметкери Фазлиддин Анваров. - Бул жүдә үлкен сан. Тәбийғый, қайсы мәмлекет жақын келешекте жасалма интеллектти раўажландыра алса, жетекшилик статусын сақлап қалады. Сол себепли, бүгин мәмлекетлер бул бағдарға оғада үлкен инвестиция қаратпақта.

Жасалма интеллект технологиялары адамларға хызмет көрсетпекте ҳәм бул барған сайын ғалабаласып бармақта. Ол инсан қатнасысыз қурамалы ўазыйпаларды өз бетинше орынлайды. Әсиресе, текст, сүўрет, композиция, видео ҳәм архитектура дизайнында оның айрықша орны бар. Бул тараўдағы қураллар дөретиўши ҳәм ислеп шығарыўшылар ушын әҳмийетли ресурсқа айланбақта.

Киберқәўиплерге қарсы жәрдем бере ала ма?

Ҳақыйқатында да, мәлимлеме қәўипсизлиги келешегинде жасалма интеллекттиң роли қаншелли әҳмийетли?

- Ҳәр қандай жаңа технология сыяқлы жасалма интеллекттиң де унамлы ҳәм унамсыз тәреплери бар, - дейди Фазлиддин Анваров. - Мысал ушын, белгили адамның видеосын қәлбекилестириў, ол айтпаған гәплерди айттыра алыўы мүмкин. Тек экспертлер ғана бундай видеоларды парықлай алады. Ҳәзирги күнде алдаўшылық түрлериниң көбейип атырғанын бийкарлай алмаймыз. Пластик картадан пул шешип алыў сыяқлы жағдайларда да жасалма интеллект қолланылып атырғаны өкинишли. Бундай кеўилсизликлердиң алдын алыў мақсетинде илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, 2026-жылы Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен жасалма интеллект тараўында этика кодекси ислеп шығылыўы күтилмекте.

Айырым экспертлер жасалма интеллекттиң инсаниятқа үлкен пайда келтириўи ҳәм оны инсан өзиниң қадағалаўында услап турыўы зәрүрлигин атап өтеди. Ол инсан басқарыўында болса, қәўипсиз. Егер ол инсан факторысыз өзин-өзи басқарыў дәрежесине жетиссе, бул белгили қәўиплерди келтирип шығарыўы мүмкин. Инсанның қыялына келетуғын барлық нәрсе келешекте жүз бериўи итималы артады.

Ҳәзирги күнде жасалма интеллект қайсы тараўда қолланылмасын, ҳәммеси инсан қадағалаўында. Мысал ушын, денсаўлықты сақлаў тараўында бир шыпакер бир күнде 100 МРТ сүўретин анализлесе, жасалма интеллект жәрдеминде 500 сүўрет анализлениўи мүмкин. Шыпакер ҳәр бир сүўретти оқып шығып, оның менен танысыўы шәрт емес, жуўмақты оның өзи қойып береди, шыпакердиң ўазыйпасы диагноз дурыс қойылған ямаса қойылмағанын тексериў керек болады. Бул шыпакердиң ўақтын үнемлеп, жумыс өнимдарлығын арттырады. Бирақ бәрибир ақырғы ноқат инсан факторы - шыпакер тәрепинен қойылады. Ол тек ғана жумыс процесинде нәтийжелиликти ҳәм өнимдарлықты арттырады, дурыс қарар қабыл етилиўине жәрдем береди.

- Финанслық есабатларда айтылыўынша, биз жасалма интеллект революциясы орайында турмыз. 2026-жылға барып жасалма интеллект глобаллық базары 39,7 процент өсиўи прогноз етилмекте, - дейди Фазлиддин Акбаров. - Бул процессте айырым кәсиплерге талап азаяды, деген қәўетер жоқ емес. Келешекте ол кирмеген тараў қалмайды деп ойлайман. Тарийхқа нәзер тасласақ, белгили дәўирлерде кәсиплердиң жаңаланыўы жүз берген. Мәселен, 100 жыл алдынғы айырым кәсиплер ҳәзир жоқ болып кеткен, себеби оған мүтәжлик жоқ. Бүгин де солай. Ҳәттеки IТ тараўы да сезилерли өзгерислерди басынан өткермекте. Басланғыш дәрежедеги қәнигелерге талап жылдан-жылға азайып бармақта, себеби бир ўақытлары инсан араласыўы талап еткен ўазыйпаларды жасалма интеллект тезирек ҳәм жоқары анықлықта орынлаў имканияты артып бармақта.

Келешекте айырым кәсиплердиң жоғалыў итималы жоқарылығын бийкарлап болмайды. Бирақ қайсы тараў болмасын, жасалма интеллектти билген адам өз жумысын және де жетик орынлайды. Жасалма интеллект оның жумысын алып қоймайды. Керисинше, жумыс өнимдарлығы, ўақытты үнемлеўге жәрдем береди. Тек ғана олардан пайдаланыўды үйрениў керек, болғаны.

Бәрибир устаз керек

Қәнигелердиң пикиринше, жасалма интеллект дәстүрий оқытыў усылының орнын баса алмайды. Мәселен, ҳәзирги күнде ҳәр ким интернет арқалы өзи қәлеген бағдар бойынша билим алыўы, қәниге дәрежесине жетиўи мүмкин. Бирақ итибар бериң, кейинги жылларда жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны артып бармақта. Себеби бул дәстүрий ЖООлардың орнын ҳеш нәрсе баса алмайтуғынына дәлил бола алады. Жасалма интеллект оқыўшыларға жеке бағдарламасын дүзиў ҳәм қайсы тараўларға қәбилетли екенин болжаў имканиятын береди. Ҳәр бир оқыўшының үйрениў тезлиги, қәбилети ҳәм қызығыўшылықлары, өзлестириў көрсеткишинен келип шығып, келешекте оның қайсы тараўда табысқа ерисиў имканияты кеңирек екенлигин анализлейди. Оқытыўшылар болса жазба жумыслар, тестлер, үй тапсырмаларын ол арқалы автомат түрде баҳалай алады. Бул ўақытты үнемлеў ҳәм жеке сөйлесиўге ўақыт ажыратыў имканиятын арттырады. Бирақ оқытыўшы жасалма интеллектке толық сүйенип қалмаўы керек. Ол жетекши емес, үйретиўши екенин умытпаўы керек. Студентлер болса пикирлеў, өз үстинде ислеў көнликпелерин умытпаўы шәрт.

Майыплығы болған студентлер ушын текстти сеске айландырыў, даўысты текстке айландырыў, автомат субтитрлер сыяқлы имканиятлар жаратылмақта. Бул, өз орнында, билимлендириў процесин жақсылаўға жәрдем берсе де, оның орнын толық ийелей алмайды. Бәрибир устаз керек.

Дыққат күшеймекте

Президентимиз Жаслар күнине бағышланған шығып сөйлеген сөзинде..."Және бир әҳмийетли бағдар - жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша банк-финанс, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм энергетиканы тийкарғы тараўлар сыпатында белгилеп, 100 жойбарды әмелге асырамыз. Бул бағдарда және үлкен-үлкен режелеримиз бар. Атап айтқанда, қәдириятларымыз ҳәм мәдениятымызды өзинде сәўлелендиретуғын жасалма интеллекттиң миллий моделин ислеп шығыўды басладық.

Бул жумысларымыз бай тарийхымыз ҳәм заманагөй көзқарасларды өзинде үйлестирип, жаслардың жаңа креатив идеяларын қәлиплестириўге хызмет ететуғынына исенемен. Бул система нәтийжели болыўы ушын Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасын иске қоспақтамыз.

Усы жылдың өзинде “AI Study” платформасы арқалы кеминде 100 мың жасларымыз жасалма интеллект технологияларын үйренеди. Бул жаңа жойбар есабынан жасалма интеллект тараўында бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары тәжирийбели қәнигелеримиз және де көбейеди, деп исенемен", деди.

"Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери"н "Бир миллион программист" жойбарының логикалық даўамы, десек асыра айтқан болмаймыз. Перспективалы бул тараў жасларды барған сайын көбирек тартпақта. Жойбардан гөзленген мақсет - жаслардың жасалма интеллекттен пайдаланыў көнликпесин арттырыў. Мысал ушын, әпиўайы ChatGPTтен пайдаланыўдың да өзине тән усыллары бар. Қәниге ChatGPTтен жақсырақ пайдаланады. ChatGPTге инсан өзи қәлеген мағлыўматларды қаншелли толық, анық киргизе алса, ол да соншелли анық жуўап береди.

Мәмлекетимиз басшысының усы жылдың январь айында БАӘға сапары шеңберинде алдыңғы технологияларды раўажландырыў ҳәм оларды ҳәр қыйлы тараўларға табыслы енгизиўге қаратылған стратегиялық шерикликти кеңейтиў жоллары көрип шығылған еди.

Нәтийжеде БАӘ ҳүкимети менен биргеликте "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбары жолға қойылды. Ҳәзирги ўақытта бул жойбардың платформасы ислеп шығылған ҳәм онда бес бағдар бойынша сабақлықлар жайластырылған. Мақсет - үш жыл даўамында бир миллион жастың жасалма интеллекттен пайдаланыў бойынша көнликпелерин арттырыў.

Ҳәзирги күнде АҚШтың “Мета”, “NVIDIA” компаниялары оқыў қолланбаларын, сабақлықларын aistudy.uz платформасына жайластырыў мәселеси бойынша бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер өткерилмекте.

Бул, биринши гезекте, жаслардың жасалма интеллектке қызығыўшылығын, программалық өнимлерден және де нәтийжели пайдаланыў көнликпелерин арттырыўға хызмет етеди.

Жасалма интеллект жәмийет турмысының ажыралмас бөлеги болып хызмет етип атырған бир ўақытта оннан ақылға уғрас пайдаланып жәмийеттиң унамлы раўажланыўына жол ашатуғын креатив идеяларды алға қоятуғын қәбилетли қәнигелерге талап жоқарылығынша қалмақта. Бул имканиятлардан пайдаланыў ушын жаслар өз қәнигеликлерин дүнья мийнет базарының өзгериўшең талапларына бейимлестириўи жүдә әҳмийетли. Онда болса мәмлекетимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Рисолат МАДИЕВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы