Өзбекстанның Шри-Ланкадағы жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси резиденциясы (Исламабад қаласында жайласқан) Алишер Тўхтаев усы мәмлекеттиң Мәмлекетлик протоколы басшысы Роҳана Амбаголлаға исеним жарлығының нусқаларын тапсырды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Ушырасыў алдынан Роҳана Амбаголла Өзбекстан басшысына Шри-Ланкада биринши елшисин тайынлағаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Оның атап өтиўинше, бул қәдем еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеў жолындағы әҳмийетли сиясий қарар болып, өз-ара бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлайды.
Шри-Ланканың Өзбекстан менен жаңа форматтағы бирге ислесиўге ашық екенлиги тастыйықланды ҳәм Президент Шавкат Мирзиёевтиң глобал Қубла менен жақынласыў, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм регионаллық өз-ара байланыслылықты беккемлеў бойынша басламалары жоқары баҳаланды.
Шри-Ланка рәсмийси Алишер Тохтаевтың Коломбо қаласындағы жумысы барлық бағдарларда системалы ҳәм нәтийжели ислесиў ушын беккем тийкар жарататуғынына исеним билдирди.
Шри-Ланка Өзбекстан менен барлық бағдарларда, атап айтқанда, саўда, логистика, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында әмелий бирге ислесиўди жедел кеңейтиўден мәпдар екени айрықша атап өтилди.
Еки мәмлекет арасында экономикалық дипломатияны раўажландырыў мәселелери, өз-ара саўда-экономикалық байланыслардың перспективалары бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Еки тәреплеме саўда айланысының ҳәзирги көлеми қанаатландырарсыз екени атап өтилип, бул көрсеткишти жақын келешекте 50 миллион долларға жеткериў ушын анық илажларды көриўге келисип алынды.
Экспорт ҳәм импорт пәтлерин арттырыў ушын транспорт ҳәм логистика шешимлерин биргеликте ислеп шығыў, мәлимлеме технологияларынан үнемли пайдаланған ҳалда онлайн платформа ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыў және жолға қойыў мәселелери бойынша пикир алысылды.