Император, Бас министр, парламент еки палатасының басшылары, ҳүкимет ағзалары, исбилерменлер ҳәм академиялық топарлардың ўәкиллери менен сөйлесиўлер еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў дәстүрий формат шеңберинен шығып, узақ мүддетли стратегиялық мазмунға ийе болғанын көрсетти.

Сапардың тийкарғы өзгешелиги әмелий экономикалық мазмун тәрепке анық өзгериўи болды. Өзбекстан ҳәм Япония қатнасықлары көп жыллар даўамында тийкарынан гуманитарлық бирге ислесиў ҳәм техникалық жәрдем жойбарларына сүйенди. Бүгин Өзбекстан Президентиниң прагматикалық ҳәм избе-из сиясаты нәтийжесинде еки тәреплеме күн тәртиби қайта қәлиплестирилди ҳәм саўданың барлық тараўларын қамтып ала баслады.

Улыўма баҳасы 12 миллиард доллардан аслам болған кооперациялық жойбарлардың жаңа портфели қәлиплестирилгени буның ең айқын дәлили болып есапланады. Бул билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология ҳәм суў ресурслары, транспорт ҳәм қала қурылысы, туризм, аўыл хожалығы, сондай-ақ, тәбийғый апатшылықлар қәўип-қәтерлерин басқарыў тараўларындағы келисимлер топламы болып есапланады. "Жасыл" энергетика, энергияны сақлаў системалары ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў бойынша биргеликтеги жойбарларға айрықша итибар қаратылды. Японияның жетекши корпорациялары менен узақ мүддетли бирге ислесиў бағдарламаларын қабыл етиў усыныс етилди.

Өзбекстан Президентиниң "Орайлық Азия + Япония" сөйлесиўиниң биринши саммитинде қатнасыўы сапар етиўдиң әҳмийетли ўақыясы болды. Регионаллық өз-ара байланыслылық, "жасыл" экономика, инвестициялық ҳәм санлы шериклик, инсан капиталын раўажландырыў тараўларында алға қойылған басламалар Өзбекстанның Орайлық Азияда жаңа бирге ислесиў архитектурасын қәлиплестириўде белсене қатнасыўға болған умтылысын сәўлелендиреди.

Токио декларациясының қабыл етилиўи бул қатнасты көп тәреплеме дәрежеде беккемледи.

Улыўма етип айтқанда, Японияға сапар етиў жуўмақлары Өзбекстанның дүняның әҳмийетли технологиялық ҳәм инвестициялық орайларынан бири менен толық форматлы стратегиялық шерикликке избе-из өтип атырғанын көрсетпекте. Бул елимиздиң алдынғы технологияларды тартыў, ири инфраструктуралық ҳәм индустриаллық жойбарларды әмелге асырыў, регионаллық ҳәм глобаллық экономикалық процесслердеги орнын беккемлеўге қаратылғанын тастыйықлайды.

Япониядағы илажлар жуўмақланғаннан соң, мәмлекетимиз басшысы әмелий сапар менен Россия Федерациясына келди. Санкт-Петербург қаласында әҳмийетли күн тәртибине ие илажлар - Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң мәжилиси ҳәм ҒМДА мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес ушырасыўы болып өтеди.