Ушырасыў қатнасыўшылары ерте балалық дәўирине инвестиция киргизиў келешекте Өзбекстанның экономикалық өсиўи ҳәм демографиялық потенциалын жүзеге шығарыўда стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Додалаўлар даўамында миллий мағлыўматлар, демографиялық прогнозлар ҳәм ЮНИСЕФтиң регионаллық ўәкилханасы тәрепинен таярланған "2050-жыл әўлады: Орайлық Азия" есабатының жуўмақлары усынылды. Ҳүжжетте халықтың өсиўиниң регион мәмлекетлериниң экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына тәсири, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, азық-аўқат, социаллық қорғаў ҳәм жаслардың бәнтлигине инвестициялардың әҳмийети талланған.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Өзбекстан халқы 38 миллионнан аслам болып, 2050-жылға барып 50 миллионнан артыўы прогноз етилмекте. Мәмлекет халқының дерлик 60 проценти 30 жасқа толмаған жаслар болып, бул инсан капиталына өз ўақтында инвестиция киргизген ҳалда экономикалық раўажланыў ушын үлкен потенциал жаратады.
Мағлыўматларға бола, бүгин Өзбекстанда туўылып атырған балалар өзлериниң потенциал өнимдарлық дәрежесиниң дерлик 60 процентин әмелге асыра алады. Экспертлердиң пикиринше, ерте раўажланыўға - денсаўлықты сақлаў, азық-аўқат, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм социаллық қорғаўға инвестициялар бул айырмашылықты сезилерли қысқартыўға жәрдем береди ҳәм 2050-жылға барып халықтың жан басына жалпы ишки өнимниң қосымша өсиўин 6 процентке жеткериўи мүмкин.
ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Рехина Кастижио атап өткениндей, бала өмириниң биринши жыллары оның келешектеги раўажланыўы ушын шешиўши әҳмийетке ийе, себеби мий раўажланыўының дерлик 90 проценти өмириниң биринши бес жылында жүз береди.
Өз гезегинде, Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Нажи Бенхасин инсан капиталын раўажландырыўдағы келешектеги табыслар денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, социаллық қорғаў ҳәм қаржы тараўларында өз-ара муўапықластырылған мәмлекетлик сиясатқа байланыслы болатуғынын атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар алдағы жумыслардың тийкарғы бағдарларын белгилеп алды:
уйымлараралық муўапықластырыўды күшейтиў;
шаңарақлар ҳәм балаларды қоллап-қуўатлаўдың комплексли системасын жаратыў;
анық нәтийжелерге бағдарланған қаржыландырыўды енгизиў;
мәмлекет, халықаралық шөлкемлер ҳәм жеке меншик сектор арасында стратегиялық шерикликти раўажландырыў.
ЮНИСЕФ балаларды ерте раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң инсан капиталын беккемлеў бағдарламаларын әмелге асырыўда Өзбекстан ҳүкиметин қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады.