Пәрманға муўапық, Әдиллик министрлиги жанында Төлеўге қәбилетсизлик ислери агентлиги (Агентлик) ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи.

Агентлик төлеўге қәбилетсизлик тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиўге жуўапкер болған арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленген.

Төмендегилер төлеўге қәбилетсизлик тараўында Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

төлеўге қәбилетсизлик тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, соның ишинде, бул тараўды қадағалаў ҳәм тәртипке салыў;

төлеўге қәбилетсизлик тараўындағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;

төлеўге қәбилетсизлик процесслерин толық санластырыў, артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў.

Өзбекстан суд басқарыўшылары ассоциациясы негизинде барлық суд басқарыўшыларының ағзалығына тийкарланған Өзбекстан суд басқарыўшылары палатасы шөлкемлестириледи.

Палата Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында шөлкемлестирилетуғын өзиниң аймақлық бөлимлери менен биргеликте суд басқарыўшыларын бирлестиретуғын өзин-өзи басқарыўдың бирден-бир системасын шөлкемлестиреди.