2024-жылы Өзбекстанда дерлик еки мың сырт ел журналисти аккредитациядан өткен

    Усы күнлерде BBC телеканалының сүўретке алыў топары Өзбекстанда болып тур.

    Олар Наўайы ўәлаятында Өзбекстанның жабайы тәбиятына бағышланған фильмди сүўретке алмақта, деп хабар бермекте Сыртқы ислер министриниң баспасөз хаткери Аҳрор Бурҳонов өзиниң телеграмдағы бетинде.

    Атап өтилиўинше, фильм республиканың сийрек ушырасатуғын қус түрлерин сақлап қалыў бойынша алып барып атырған ҳәрекетлери ҳаққында сөз етеди.

    Бул топардың мәмлекетке екинши сапары болып, биринши мәрте олар 2024-жыл апрель айында келген еди.

    Сыртқы ислер министрлиги сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларымыз бенен биргеликте сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин мәмлекетимизге турақлы түрде мирәт етип келмекте.

    Олар Өзбекстанның бай тәбияты, әййемги тарийхы, бийтәкирар мәденияты ҳәм ҳәр қыйлы тараўлардағы потенциалы ҳаққында көрсетиўлер таярламақта. 2024-жыл даўамында Сыртқы ислер министрлиги жанында дерлик еки мың сырт ел журналисти аккредитациядан өткерилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates