Бирақ усталардың мийнет ҳақысы әдеўир жоқары екен. Излеп-излеп аўылдан келип, пайтахтта ислеп атырған усталардың бирин таптық. Оның менен келисилгеннен кейин, жумыс басланып кетти.
Ис басшысы 30 жастан асқан, жәрдемшиси болса оннан 5-6 жас киши. Усы жылы мектепти питкерген және еки жас жигит жақында оларға шәкирт болыпты. Усталардың жумысын бақлар екенмен, "жигитлер әдеўир жас екен, сапалы ислей алар ма екен?" деген ой келди. Олардың шеберлиги, тәжирийбесине исеним пайда етиў ушын түрли сораўлар беремен. Устабасы Фарид Жумаев аўылымыздағы кәсип-өнер колледжинде слесарлық бойынша оқыған екен. Шериклери де бәнтлик бағдарындағы курсларда тәжирийбе арттырған. Қалаберди, бир неше ири имаратлардың қурылысында ислеп, тәжирийбе арттырған екен.
Жумыс даўам етер екен, усталардың ҳақыйқаттан да шеберлиги ҳәм тәжирийбеси жоқары екенине исеним пайда еттим. Олар қурылыс-оңлаў процесинде жүзеге келетуғын ҳәр қандай жумыс – тақтай қағыў, ылай сыбаў, слесарлық, лак-бояў, электр тармағын сазлаў сыяқлы жумысларды сапалы орынлады. Бир ярым айдан көбирек даўам еткен қурылыс-оңлаўдан кейин үйимиз жаңаша көриниске енди.
Усталардың епшиллигин, шеберлигин көрген қоңсыларымыз да оларға жумыс усыныс етти. Усталардың мийнет ҳақысы да жаман емес, айына 10-15 миллион сумнан тапты. Мине, усындай ҳадал ҳәм шын кеўилден исленген мийнети арқасында жас болыўына қарамастан, шаңарағының турақ жай, машина ҳәм басқа да шараятларын ҳәзирден-ақ тәмийинлеп қойғаны ушын оларға ҳәўес еттим.
- Буннан былай перзентлеримизди оқытыў, жоқары мағлыўматлы етиў ушын ислеймиз-дә, - дейди устабасы.
Жаслардан сырт елге шығып ислеў ҳаққында сорасам, оған қызығыўшылығы да, зәрүрлиги де жоқ екенлигин айтты. Жас болыўына қарамастан, жигитлердиң ерисип атырған жетискенликлери қуўанышлы. Ақыры, буннан бир неше жыл бурын мектепти тамамлап, еркин турмысқа қәдем қойғанларда бундай имканият жоқ еди-ғо. Қолында бирде-бир өнери болмаған, өнери болса да өзине мүнәсип жумыс орнын таппаған нәўқыран жаслар шаңарағы, ата-анасы, жақынларының меҳринен айырылып, узақта жумыс ислеўге мәжбүр еди.
Бүгин жағдай түп-тийкарынан өзгермекте. Социаллық мәмлекет статусын алған мәмлекетимизде, бәринен бурын, жасларға заманагөй билим бериў, турмыста өз орнын табыўы ушын өнерли етиўге итибар күшейди. Бул ийгиликли жумыслар жәмийетимиздеги әҳмийетли социаллық машқалаларды ақылға уғрас шешиўге тийкар жаратпақта. Атап айтқанда, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслар нәтийжесинде түпкиликли өзгерислерге ерисилмекте.
Мәмлекетимизде бул бағдардағы жумыслар 2020-жылы басланған еди. Бул бағдарда көп өлшемли кәмбағаллық индекси стандартлары ҳәм халықаралық тәжирийбе үйренилип, өзимиздиң методикамыз ислеп шығылды ҳәм кәмбағаллық дәрежесин анықлаўдың минимал тутыныў қәрежетлерин есаплаў усылы енгизилди. Мәҳәллелерде "ҳәким жәрдемшиси" институты жолға қойылды, ҳәр бир кәмбағал шаңарақтың индивидуал бағдарламасы ислеп шығылды.
Ҳаял-қызлардың билим алыў имканиятын кеңейтиўге де айрықша итибар қаратылмақта. Процентсиз тәлим кредитлери, мүтәж қызларға грантлар ажыратылыўы, магистратура билимлендириўи ушын қаржының мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи сыяқлы оғада үлкен жеңилликлер тиккелей жоқары билимлендириўдеги ҳаял-қызлардың үлесин арттырыўға хызмет етпекте. Бул ийгиликли жумыслар себепли соңғы жыллары елимизде қызлардың жоқары билимлендириўге қамтып алыныўы артып бармақта.
Бул бағдарда үлкен жумыслар басланғанында 7,5 миллион адам ямаса халықтың 23 процентиниң дәраматы кәмбағаллық шегарасына жетпеген болса, бүгинги күнге келип, кәмбағаллық дәрежеси 6,8 процентке түсти. 2030-жылға шекем болса бул көрсеткишти кескин қысқартыў режелестирилген. Усы мақсетте "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы әмелге асырылмақта.
Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында"ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли қолланба болмақта. Оған тийкарланып, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм кәмбағаллық дәрежесин және де қысқартыў белгиленген.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң мағлыўматына бола, Социаллық қорғаў миллий агентлиги менен биргеликте "Кәмбағал шаңарақлар реестри" иске түсирилди. Бүгинги күнге шекем 1,3 миллионнан аслам шаңарақтың турмыс шараяты үйренилип, 625 мыңы реестрге киргизилди.
- Биринши ярым жыллықта 158 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў белгиленген еди. Әмелде индивидуал режелер тийкарында 333 мың шаңараққа ямаса 1 миллион 472 мың адамға кәмбағаллықтан шығарыўға қаратылған 543 мың хызмет көрсетилди, - дейди Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги департамент баслығының орынбасары Мухтор Шоназаров. - Бул шаңарақлардың 295 мың ағзасы турақлы жумысқа жайластырылды, 37 мыңына жеңиллетилген кредит ҳәм субсидия ажыратылды, 198 мыңы исбилерменликке тартылды, 13 мыңы кәсип-өнер бойынша оқытылды.
Бағдарлама шеңберинде мыңнан аслам аўыр категориядағы мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаўға бюджеттен 3,2 триллион сум ажыратыў белгиленди. 864 мәҳәлледе суўғарыў системасын жақсылаў бойынша 1,4 триллион сумлық қурылыс-монтажлаў жумыслары орынланды. Нәтийжеде бул мәҳәллелердеги 650 мың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў имканияты жаратылды.
Бул жумыслар ҳәзирги ўақытта даўам етпекте. Екинши ярым жыллықта индивидуал режелер шеңберинде 250 мың кәмбағал шаңараққа тийисли хызмет көрсетиледи. Мың мәҳәлледе сервис компаниялары шөлкемлестирилип, 3000 мәҳәлле абаданластырылады. Бул арқалы 3300 кәмбағал шаңарақтың 15 мың ағзасы жумыс пенен тәмийинленеди.
Аўыр категорияға кириўши және мыңнан аслам мәҳәлледе инфраструктураны жақсылаўға қаратылған жойбарлар әмелге асырылады. Халыққа ижараға берилген жерлерде дәраматы төмен егинлердиң орнына заманагөй интенсив бағлар жаратылады. Нәтийжеде кәмбағаллық дәрежеси жылдың ақырына шекем 6 процентке түсириледи. 60 район ҳәм қала кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айланады.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы