Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети "Афросиёб" тезжүрер поездларының ҳәр бир вагонында ишки медиа бағдарлама ҳәм Wi-Fi хызмети иске қосылғанын мәлим етти.
айтылыўынша, тармаққа жалғаныў арқалы жолаўшылар төмендеги имканиятлардан пайдалана алады:
- Ишки медиа-порталға кириў имканияты - саяхат даўамында фильмлер тамаша етиў, музыка тыңлаў ҳәм ҳәр қыйлы контентлерден заўық алыў.
Интернеттен пайдаланыў - дәслепки 30 минут пүткиллей бийпул.
Буның ушын поезддағы Wi-Fi тармағын таңлап жалғанады.
Буннан сәл алдынрақ Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Транспорт министрлигинен поездларды телекоммуникация тармағы қурылмасы орнатылған ҳалда сатып алыўды сораған еди.
"Жақында Бухараға поездда барып-келиўде итибар берсем, елеге шекем көпшилик Wi-Fi хызмети иске қосылғанынан хабарсыз екен. Жеке өзим тексерип келиў нийетинде Youtube'да пайдалы китапларды жақсы түсиндирип берген видеоларды көрип келдим", дейди Шерматов.
Министр Транспорт министрлигине поездлардың ишине қосымша үскене қойыўға тийисли рухсатнамаларды алыўға жәрдем бергени ушын миннетдаршылық билдирген.
"Келешекте сатып алынатуғын жаңа поездлар басынан ишиндеги тийисли телекоммуникация үскенелери менен алынады деп үмит етемиз. Тез ҳәрекетленетуғын ҳәм металл көп жумсалған вагонларда сырттағы байланыс сигналлары абонентлерге жетип барыўында машқала болады, соның ушын олардың ишинде тийисли қурылма орнатылыўы шәрт", деп атап өтеди ҳәмелдар.