Айрықша категориядағы жолаўшыларға темир жол транспортында жылына бир мәрте бийпул жүриў ҳуқықы берилди

    3 қаңтар 2025 669

    Темир жол транспорты тараўындағы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде "Темир жол транспорти ҳаққында"ғы нызам қабыл етилди. Бул нызам быйыл 1-январьдан күшке кирди.

    Әмелдеги "Темир жол транспорты ҳаққында"ғы нызам дәўир талабына жуўап бермегени, ондағы көплеген түсиниклердиң мәниси бүгинги күнде гөнергенлиги себепли жаңа нызам қабыл етилди.

    Жаңа нызамға 17 жаңа түсиник киргизилди. Соның ишинде, "темир жол транспорты", "улыўма пайдаланыўдағы темир жол транспорты", "ўәкилликли шөлкем", "темир жол транспорты жолаўшысы", "жүк", "қорғаў зонасы" ҳәм басқа түсиниклер айрықша статьяларда өз көринисин таўып, оларға байланыслы талаплар белгиленди.

    Бир-бирине муўапық емес ҳәм силтеме нормалар қайта көрип шығылды. Атап айтқанда, "темир жол транспорты" түсиниги қайта көрип шығылды ҳәм жаңа редакцияда баян етилди. Онда республиканың темир жол транспорты белгиленген мақсетлер бойынша улыўма пайдаланыўдағы ҳәм улыўма пайдаланылмайтуғын темир жол транспортына ажыратылды.

    "Темир жол транспорты инфраструктурасы" түсиниги усы нызамда нәзерде тутылған ҳәр қыйлы объектлерди өз ишине алған технологиялық комплекс сыпатында билдирилди.

    Нызамға "улыўма пайдаланыў темир жол транспорты инфраструктурасы операторы" деген жаңа түсиник киргизилди ҳәм операторға қойылатуғын тийкарғы талаплар нызамның айрықша жаңа статьясында баян етилди.

    Өзбекстан Республикасы темир жол транспорты жумысына байланыслы әмелдеги нызамда "тасыўшы" түсиниги жоқ еди. Бул болса сапластырылыўы керек болған нызамшылықтағы бослық болып табылады. Соған бола, нызам "Тасыўшының ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери" статьясы менен толықтырылды.

    Базар экономикасы шараятында темир жол транспортында жумысты тәртипке салыў машқалаларын сапалы шешиўде жоқары дәрежедеги басқарыўдың роли ҳәм жуўапкершилиги артып бармақта.

    "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийети, бир тәрептен, жолаўшы ҳәм жүк тасыўға болған талапты тәмийинлеў бойынша мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы менен бир қатарда, екинши тәрептен, хожалық жүргизиўши субъект сыпатында шәртнамаларды орынлаў, финанслық мәплер, өнимлер, жумыслар ҳәм хызметлерди сатыўдан ҳәм акционерлик жәмийетти сақлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған басқа да жумыс түрлеринен дәрамат алыў бойынша миннетлемелерди өз мойнына алған.

    Усы мүнәсибет пенен әмелдеги нызамның 10-статьясы толық қайта көрип шығылды ҳәм бир неше статьяларға ажыратылды. Темир жол транспорты жумысын шөлкемлестириў ҳәм басқарыў менен шуғылланыўшы уйымлардың ўазыйпалары анық шегараланып, ўәкилликлер (компетенциялар) белгиленди.

    Атқарыўшы ҳәкимият уйымы сыпатында Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары сыпатында ҳәкимликлер, мәмлекетлик басқарыў уйымлары сыпатында Транспорт министрлиги ҳәм Транспорт қадағалаўы инспекциясы, улыўма пайдаланыўдағы темир жол транспорты тараўындағы хожалық басқарыў уйымы сыпатында "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийети етип белгиленди.

    Нызамға жаңа статьялар да киргизилди. Атап айтқанда, темир жол транспорты тасыўшысының жоғалтыўлары ҳәм зыянларын қаплаў ҳаққындағы (30-статья) нормалар киргизилди. Себеби, әмелде жолаўшыларды темир жол транспортында тасыўдан көрилген зыянлар шөлкемге артықша жүкленип, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланыўы нәзерде тутылмаған еди. Конституцияның 19-статьясын тәмийинлеў мақсетинде айрықша категориядағы жолаўшыларға темир жол транспортында жылына бир мәрте бийпул жүриў ҳуқықы белгиленди.

    Әмелдеги нызамда есаплаўшы нормалар, сондай-ақ, "норматив ҳүжжетлер" сөзлери көрсетилген статьялардың бар екенлиги, темир жол транспорты жумысы тек ғана нормативлик техникалық ҳүжжетлер менен емес, ал нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен де тәртипке салыныўы себепли, усы нормалардың редакциясына өзгерис киргизилди.