Мәжилис алдында Әндижан елимиздеги халық ең тығыз жайласқан аймақ екени атап өтилди. Ўәлаятта 3,5 миллионнан аслам халық жасайды, жылына 80 мыңға шамалас бала туўылады. Жер ресурслары шекленген бир шараятта ҳәр бир гектар жер, ҳәр бир жойбар, ҳәр бир инвестиция жоқары қосымша қун ҳәм турақлы жумыс орынларын жаратыўы керек. Бул ўәлаят басшыларының тийкарғы ўазыйпасы екени атап өтилди.
2025-жылдың жуўмағы бойынша жалпы аймақлық өним 107,7 триллион сумды қурап, 6,8 процентке өскен. Санаатта 7,2 процент, хызмет көрсетиўде 15,1 процент, аўыл хожалығында 4,7 процент өсиў бақланған.
2026-жылы экономика ҳәм санаатта 8 процент, хызметлер тараўында 16,3 процент, аўыл хожалығында 5,9 процент өсиўди тәмийинлеў режелестирилген. Сырт ел инвестицияларының көлемин 2025-жылы 2,5 миллиард доллардан 2026-жылы 3,5 миллиард долларға, експортты болса 1,3 миллиард доллардан 1,5 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.
2025-жылы 383 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленген болса, 2026-жылы 489,5 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жумыссызлық дәрежесин 3,6 процентке, кәмбағаллық дәрежесин 2,4 процентке түсириў ўазыйпасы қойылды.
Асака, Алтынкөл, Хожаабад, Шаҳрихон районлары ҳәм Әндижан қаласын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў ўазыйпасы қойылды. Шараяты аўыр районлар - Бостан, Пахтаабад ҳәм Улуғнорда кәмбағаллықты кеминде 2 есеге қысқартыў керек.
Усы жылы ўәлаятта 798 миллион долларлық жойбарларды иске қосыў режелестирилгени атап өтилди.
Атап айтқанда, Асака, Булақбасы ҳәм Шаҳрихан районларында былғары аяқ кийим, қурылыс материаллары ҳәм үскенелер ислеп шығарыўға қәнигелескен 3 санаат микроорайы шөлкемлестириледи. 110 аўыллық жерде, сондай-ақ, шегараалды ҳәм алыс аймақлардағы 26 мәҳәлледе аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, киши суўытқышлы қоймаханалар шөлкемлестириў ҳәм микроөндирислерди раўажландырыў жойбарлары әмелге асырылады.
Әндижан районындағы "Жипек жолы" еркин экономикалық зонасындағы 100 гектардан аслам бос жерлерден нәтийжели пайдаланылмай атырғанына айрықша итибар қаратылды. Жер ресурслары шекленген шараятта жоқары қосымша қунлы жойбарларды жайластырыў ҳәм мыңлаған жумыс орынларын жаратыў ушын инфраструктура таяр болған майданлардан максимал пайдаланыў зәрүр.
Аўыл хожалығын раўажландырыўға да үлкен итибар қаратылған. Быйыл пахташылықта өнимдарлықты арттырыў мақсетинде сырт ел сортлары майданларын кеңейтиў ҳәм "76х10" алдыңғы егиў схемасын енгизиў, 472 жаңа техника сатып алыў режелестирилген. Өнимдарлығы төмен болған 2 мың гектар ески бағлар интенсив бағларға айландырылады, 6 мың 800 гектар жер хожалық айланысына қайтарылады.
Жаңа көзқарас сыпатында Алтынкөл районында гүл жетистириў, Избаскан районында нәл жетистириў, Асака районында ыссыхана, Қорғантепа районында овош жетистириў, Булақбасы районында жүзим жетистириў бойынша қыйтақ жер мектеплери шөлкемлестириледи.
2025-жылы ўәлаятқа 460 мың сырт ел ҳәм 1,8 миллион ишки турист келген. Усы жылы сырт елли туристлердиң санын 700 мыңға, ишки туристлерди 2,5 миллионға жеткериў режелестирилген.
Оның ушын Булақбасы районында "Ширмонбулоқ," Хожаабад районында "Имом ота" туристлик орайлары ҳәм Ханабадта туризм зонасын раўажландырыў бойынша өз алдына дирекция шөлкемлестириледи. Қала ҳәм районлардың орайлық көшелери менен байланысқан 91 мәҳәлледе саўда, кеўилашар ҳәм дем алыў орынлары шөлкемлестириледи.
Әндижанда турақ жай мәселеси, әсиресе, әҳмийетли екени атап өтилди. Усы жылы "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде 54 ҳәм басқа да орынларда және 158 көп қабатлы турақ жай қурыў режелестирилген.
"Қурылысқа таяр жер" системасының енгизилиўи жойбарларды иске қосыў мүддетин 120 күннен 30 күнге қысқартыў имканиятын береди. Жалақудуқ районында усы үлгидеги заманагөй турақ жайлар қурылысы тәжирийбе тәризинде басланады.
Ўәлаятта 11 жоқары билимлендириў мәкемеси болып, оларда 94 мыңнан аслам студент билим алмақта, 56 техникумда 46 мың оқыўшы кәсип-өнер иелемекте. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий потенциалын арттырыў, дуал билимлендириўге қамтып алыўды кеңейтиў илажлары белгиленди.
Медицина техникумларында шет тиллерин оқытыў ушын алдыңғы жеке меншик билимлендириў шөлкемлерин тартыў ҳәм ҳәр жылы Европа мәмлекетлеринде 4 мыңнан аслам жаслардың бәнтлигине жәрдемлесиў басламасы қоллап-қуўатланды.
Жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде "Жаслар дәптери" қорынан социаллық реестрге кирмеген шаңарақлардың қәбилетли перзентлерине спорт, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларындағы басламаларын әмелге асырыўы ушын 41 миллион сумға шекем субсидия бериў усыныс етилди. Президентимиз бул тәртипти Әндижан ўәлаятынан баслаў бойынша тапсырма берди.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы әндижанлылардың турмысында анық ҳәм сезилерли өзгерислерге алып келиўи керек екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.