Бул талаплардың мәниси сонда, университет тек ғана диплом берип қоймастан, ал жасларды өмирге таярлаўы керек. Ол өз тараўын пуқта билиўи, жумысқа орналасқанда қыйналмаўы, турақлы дәрамат табыўы зәрүр. Яғный жоқары билимлендириў мәкемеси жасқа анық жоллама бериўи шәрт.
Мине усы қатнастың әмелий көриниси сыпатында "Келешекке қәдем" бағдарламасы шеңберинде питкериўши курс студентлери кәсиплик әмелиятын ҳақы төленетуғын ҳәм жумысқа алып баратуғын басқыш сыпатында өтеў имканиятына ийе болмақта. Әмелият жумыс бериўши, жоқары оқыў орны ҳәм студент арасындағы келисим тийкарында ашық-айдын тәризде шөлкемлестириледи. Бул болса жасларды жумыс излеўши емес, жумысқа таяр қәниге сыпатында қәлиплестириўге хызмет етпекте.
Питкериўшилерди жумысқа жайластырыў бағдарындағы жумыслар Президентимиздиң 2025-жыл 14-февральдағы "Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары тийкарында жаңа басқышқа көтерилди. "Келешекке қәдем" бағдарламасы шеңберинде питкериўши басқыш студентлерине бизнес идеяны таяр жойбарға шекем алып барыўда толық қоллап-қуўатлаў, ашық таңлаўлар өткериў, жумыс бериўшилердиң талабын анықлаў ҳәм индивидуал кәсиплик билимлендириў бағдарламалары тийкарында қәниге таярлаў механизмлери енгизилген.
2026/2027-оқыў жылынан республикамыз бойынша "Карьера" электрон платформасын иске қосыў режелестирилген. Платформа арқалы студентлер, питкериўшилер ҳәм жумыс бериўшилерди байланыстыратуғын бирден-бир онлайн мийнет базары қәлиплестириледи. Жасалма интеллект технологиялары тийкарында жасларға қәбилети ҳәм қызығыўшылықларына сәйкес жумыс орынлары усыныс етиледи, жумыс бериўшилерге мүнәсип талабанларды таңлап алыў имканияты жаратылады.
Атап өткенимиздей, бүгин питкериўшини турмысқа таяр, базар талабына жуўап беретуғын, интакер ҳәм еркин қарар қабыл ете алатуғын қәниге сыпатында қәлиплестириў дәўир талабы. Енди студент тек ғана диплом алмайды. Ол әмелий билим, бизнес көнликпеси, финанслық саўатлылық ҳәм турақлы жумыс орнына ийе болыў имканиятын қолға киргизеди. Ең әҳмийетлиси, бул процесслерде жаслардың идеясы жақыннан қоллап-қуўатланып, басламалары хошаметленбекте, мийнети болса қәдирленбекте.
Жоқары билимлендириў системасының алдына қойылып атырған талаплар тосыннан емес. Олар мәмлекеттиң раўажланыў логикасынан келип шықпақта. "Келешекке қәдем" жойбары болса, мине, усы логикалық реформалардың әмелий көриниси болып есапланады. Ол жасларды диплом менен емес, тәжирийбе ҳәм жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Себеби, жаңа Өзбекстанның ертеңги күни бүгинги студенттиң билими, тәжирийбеси менен тығыз байланыслы. Яғный жаслардың қолында. Жасларға имканият жаратыў, қоллап-қуўатлаў реформалардың тийкарғы, әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдарына айланғаны оларға үлкен күш ҳәм имканият бермекте.
Санжар ШОҚОЧҚАРОВ,
техника илимлери бойынша философия докторы, доцент.