Үйрениўлер даўамында 20 дан аслам дәрихана қамтып алынған болып, олардың шама менен 25 процентинде спирт соралғанда оның орнына лосьон берилген.

Комитеттиң мәлим етиўинше, дәри қуралларын ислеп шығарыўда GDP сертификатлары енгизилип, сапа қадағалаўы күшейтилген дәўирде айырым спирт ислеп шығарыўшылар лицензия алмастан спирт орнына лосьон ислеп шығарыўды баслаған. Бул ҳаққында тутыныўшыларға толық мағлыўмат берилмегени оларды алжастырыўға себеп болған.

Бизге белгили, 70 процентли медициналық спирт денсаўлықты сақлаў тараўында, соның ишинде, инекциялар алдынан терини қайта ислеў, әсбап-үскенелерди стерилизациялаў, жараларды емлеў ҳәм хирургиялық әмелиятларда қолланылады. Лосьон болса қурамында спирт муғдары аз болған косметикалық өним болып, тийкарынан терини тазалаў, артықша майланыўды азайтыў ҳәм косметика қалдықларын сапластырыў ушын арналған.

Қәнигелердиң пикиринше, спирттиң орнына лосьон усынылыўы күтилген медициналық нәтийжени бермеўи ҳәм тутыныўшылардың денсаўлығына зыян жеткериўи мүмкин.

Бәсеки комитети бул жағдайларды тутыныўшыларға надурыс мағлыўмат берилиўи ҳәм оларға зыян жеткерилиўине алып келетуғын нызамбузыўшылық белгилери сыпатында баҳаламақта. Бул жағдайлар бойынша дәриханаларға тийисли ис қозғатылыўы мүмкин екенлиги, сондай-ақ, бундай жағдайлардың алдын алыў бойынша Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайына тийисли хат жиберилгени мәлим етилди.

Комитет дәриханаларды тутыныўшыларға дурыс ҳәм түсиникли мағлыўмат усынбаў әмелдеги нызамшылық талапларын бузыў есапланатуғыны ҳаққында ескертти.